Қарақалпақстан Республикасы салық басқармасы ҳәм тийисли тараў қәнигелери тәрепинен коррупцияның алдын алыўға бағдарланған ушырасыў ҳәм сәўбетлесиўлер өткерилмекте.

Шымбай районы салық инспекциясында басқарманың жеке қәўипсизлик бөлими қәнигелери ҳәм жергиликли ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллериниң қатнасыўында гезектеги профилактикалық ушырасыў болып өтти.

Атап өтилгениндей, коррупция ҳәр қандай жәмийетти кемириўши иллет. Оны тек ғана системалы гүресиў арқалы жоқ етиў мүмкин.

Илажда салық тараўын коррупциясыз системаға айландырыў, коррупцияға қарсы ишки ҳүжжетлерге қатаң әмел етиў зәрүрлиги ҳәм өз хызмет ўазыйпаларын орынлаўда дәмегөйлик, парахорлық сыяқлы иллетлердиң алдын алыўға қаратылған ўазыйпалар сөзге шыққанлар тәрепинен атап өтилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Орынларда бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги