Денсаўлықты сақлаў министрлигиниӊ тийисли буйрығы менен 2024-2025-оқыў жылынан баслап медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериниӊ питкериўши курс студентлери ушын көп тармақлы медицина шөлкемлеринде мийнетке ҳақы төленетуғын басланғыш мақсетли қәнигелестирилген курслар (интернатура) шөлкемлестириледи.

Министрликтиӊ баспасөз хызмети хабарында келтирилиўинше, 2024-2025-оқыў жылы қабыллаўында ҳүжжет тапсырыўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде дизимнен өтиў процеси онлайн тәризде – билимлендириў мәкемелериниӊ рәсмий веб-сайтлары арқалы 5-20-август күнлери (усы күни де) әмелге асырылады.

ӨзА