Университетте «Устазлар бағы» жаратылмақта

Усы жылдың 29-март күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде бәҳәрги егис мәўсимин шөлкемлестириў ҳәм шығындыларды басқарыўды жетилистириў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бәҳәрги мәўсимде елимиз бойынша усы жойбар шеңберинде 125 миллион түп нәл егиў белгиленген еди.
Усы тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры А.Реймовтың басшылығында университет жәмәәти ҳәм барлық факультет профессор-оқытыўшылары тәрепинен университет әтирапындағы 1 гектар майданға шамалас жерде «Устазлар бағы» жаратылды.
Онда ректор А.Реймов профессор-оқытыўшыларға өз басламасы менен ҳәр қыйлы терек нәллерин алып келип, оны егип, устазлар бағына үлесин қосып атырғаны ушын миннетдаршылық билдирип, енди бул нәллерди тек ғана егип қоймастан өсип раўажланаман дегенше оны жақсылап тәрбиялаў кереклигин айтып өтти.
Сондай-ақ, алдағы ўақытлары усы жерде тәжирийбе майданы сыпатында топыраққа тез бейимлесетуғын терек нәллерин егиў кереклиги бойынша қәнигелерге тапсырмалар берди.
Өткерилген «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде университтетиң барлық факультетлеринен 1000 ға шамалас профессор-оқытыўшылар ҳәм кеўилли жаслар қатнасып, жаңадан жаратылып атырған «Устазлар бағы»на 1000 нан аслам саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери егилди.

А. Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги