Жуўмақ бериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиў системасы жетилистириледи

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Жуўмақ бериў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын және де жетилистириў ҳаққында” қарар қабыл етти.
Оған муўапық, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге жуўмақлар бериў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиӊ бирден-бир ҳәкимшилик регламенти тастыйықланды.
Регламентте:
жуўмақлар бериў бойынша арзалар қабыл етиў ҳәм көрип шығыў;
жуўмақлар бериў бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиў паспортлары;
мәмлекетлик хызмет көрсетиўде өндирилетуғын төлемлердиӊ муғдары белгилеп берилген.
2024-жыл 1-майдан баслап усы қарар менен тастыйықланған паспортларда белгиленген мәмлекетлик хызмет Мәмлекетлик хызметлер орайлары яки Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы көрсетиледи.
2024-жыл 1-майдан баслап усы қарарға муўапық берилген жуўмақлар реестри “Лицензия” мәлимлеме системасында электрон қәлиплестирип барылыўы жолға қойылады;
мәмлекетлик хызметлердиӊ белгиленген тәртипте көрсетилиўи турақлы қадағаланып барылады;
ҳәкимшилик регламент талапларын бузғанлығы ушын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиӊ лаўазымлы шахсларына белгиленген тәртипте шаралар көриледи.
ӨзА