Айырым исбилерменлерге субсидия ажыратылады

«Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин жетистиретуғын, ислеп шығаратуғын ҳәм оларды экспорт ететуғын исбилерменлер менен өткерилген сәўбетте белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент Қарары (ПҚ-146-санлы, 01.04.2024 ж.) қабыл етилди.
Оған бола, Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў комплексли бағдарламасы шеӊберинде 2024-жылы жоқары дәраматлы ҳәм экспортқа қолайлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў, таӊлап алыў, кептириў, қайта ислеў ҳәм оларды экспорт етиў менен байланыслы илажларды әмелге асырыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен жәми 1,5 триллион сумға шекемги муғдарда кредит ресурслары қаратылады.
Жергиликли өнимлер стендлерин аўыл хожалығы өнимлерине қәнигелескен абырайлы халықаралық көргизбе ҳәм ярмаркаларда өзине тартымлы локацияларда жайластырыў ушын арза киргизиў ҳәм Саўдаға жәрдемлесиў қорына әмелде ажыратылған қаржылар есабынан алдыннан 100 процент төлеп бериў тәртиби ензиледи.
Онда, көргизбе ҳәм ярмарка илажларында қатнасыў қәрежетлери ушын исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтингиндеги категориясына пропорционал түрде, атап айтқанда «ААА» болғанда 100 процент, «АА» – 95 процент, «А» – 90 процент, «ВВВ» – 85 процент, «ВВ» – 75 процент ҳәм «В» – 65 процент муғдарында субсидиялар ажыратылады.
2024-жыл 1-апрельден:
— мийўе-овощ өнимлери бойынша бир экспорт шәртнамасы шеӊберинде келип түспеген валюта суммасы экспортқа жүкленген жәми өним баҳасыныӊ 10 процентинен артпаған жағдайда мүддети өткен дебитор қарыздарлық есапланбайды ҳәм исбилерменлик субъектине жәрийма қолланылмайды;
— 2026-жыл 1-январьға шекем мәҳәллелерде аўыл хожалығы өнимлерин жыйнап, тек ғана жергиликли экспорт ететуғын кәрханаларға сатыў менен шуғылланатуғын физикалық тәреплерге өзин-өзи бәнт еткен шахслар сыпатында дизимнен өткериўге рухсат бериледи.
Өзбекстанныӊ сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары тийисли мәмлекетте жергиликли аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етиў ҳәм реализациялаўда саўда агентлериниӊ жумысын жолға қояды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги