Бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды

Россия Федерациясы Бас прокуроры И.Красновтың усынысына бола Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Н.Йўлдошев басшылығындағы прокуратура уйымлары делегациясы Россия Федерациясына келди.
Сапар шеңберинде еки мәмлекеттиң қадағалаў уйымларының баслықлары арасында ушырасыў болып өтти.
Конструктивлик сәўбетлесиў даўамында тәреплер Өзбекстан ҳәм Россия прокуратура уйымлары арасындағы өз-ара ҳуқықый бирге ислесиў мәселелери, сондай-ақ, байланысларды және де раўажландырыўдың перспективалы бағдарламаларын додалады.
Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры прокуратура уйымларында әмелге асырылып атырған реформалар менен таныстырып, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа, атап айтқанда, терроризмге қарсы гүресиўде ис-ҳәрекетлерди бирлестириў зәрүрлигин атап өтти.
Ушырасыў жуўмағына бола, тәреплер Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы Бас прокуратуралары арасында 2024-2025-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасына қол қойылды.
Ушырасыў қызғын ҳәм дослық руўҳында болып өтти.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА хабаршысы