Сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Президент Ташкент қаласы ҳәкими лаўазымына ҳәким ўазыйпасын атқарып киятырған Шавкат Буронович Умурзоқовтыӊ кандидатурасын усынды.
Қала ҳәкимин тайынлаў мәсеселеси даўысқа қойылды. Даўыс бериў нәтийжелерине бола, Шавкат Умурзоқов Ташкент қаласы ҳәкими етип тастыйықланды.
Мәмлекетимиз басшысы халық ўәкиллери билдирген бул жоқары исеним жаӊа ҳәкимнен үлкен жуўапкершилик, тынымсыз мийнет ҳәм пидайылықты талап ететуғынын атап өтти.
Жаӊа ҳәким өз орынбасарлары, район ҳәкимлери, сектор ҳәм банк басшылары, “мәҳәлле жетилиги” менен пайтахт халқы ушын мүнәсип шараят жаратыў, инвестиция алып келип, жаӊадан-жаӊа жоқары дәраматлы жумыс орынларын көбейтиў, бир сөз бенен айтқанда, адамлар разы болыўы ушын жаӊаша көзқарас тийкарында үлкен шеклерди алып, қатты ислеўи керек екени көрсетип өтилди.
ӨзА