Халық депутатлары Ташкент қалалық Кеӊесиниӊ гезексиз сессиясы даўам етпекте.

Соӊғы жети-секиз жылда пайтахтта, соныӊ ишинде Юнусабадта үлкен өзгерислер болды. Мысалы, бул дәўирде районға 1 миллиард 700 миллион доллар сырт ел инвестициясы киргизилди, кәрхана, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери 3,5 мыӊға, жумыс орынлары 20 мыӊға көбейди.

Районда 6 мыӊ квартиралы жаӊа турақ жайлар қурылды, 8 мыӊ жаӊа оқыўшы орны шөлкемлестирилди, 3 жоқары оқыў орны ашылды. Жеке меншик бақша, мектеп ҳәм емлеўханалардыӊ саны бойынша да Юнусабад пайтахттағы жетекши районлардан бирине айланды.

ӨзА