Халық депутатлары Ташкент қалалық Кеңесиниң гезексиз сессиясы болып өтпекте. Онда Президент Шавкат Мирзиёев қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында қыйын ҳәм қәўипли заманда жасап атырғанымыз, Жақын Шығыстағы ҳәм тийкарғы бирге ислесиўшилеримиз арасындағы келиспеўшиликлер шешим таппай атырғанын, соның ишинде, Москва ўәлаятындағы аянышлы теракт ақыбетинде  халықаралық жағдай және де қәўипли түс алып атырғанын атап өтти.

Бундай қыйын шараятта экономикамызға, халықтың дәраматларына унамсыз тәсирди азайтыў ең әҳмийетли ўазыйпалардан бири екени атап өтилди. Буның ушын мәҳәллениң экономикалық тийкарын беккемлеў, адамлардың дәраматын көбейтиў ушын бар имканиятларды толық иске қосыў кереклиги атап өтилди.

ЎзА