Исбилерменлик субъектлериниң турақлы раўажланыўы ушын қолайлы инфраструктура жаратыў, салық жүгин азайтыў мақсетинде Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиз тәрепинен бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, турмысқа енгизилмекте.
Жаратылған мүмкиншиликлер, қолайлы шараятлар, салық жүгиниң төменлетилиўи, салық жеңилликлериниң берилиўи өз гезегинде Қарақалпақстанлы исбилерменлер ушын да жаңа мүмкиншиликлер есигин ашып бермекте.
Берилген салық жеңилликлери нәтийжесинде өткен 2023-жыл даўамында 17 077 салық төлеўши жәми 342,8 миллиард сумлық салық жеңилликлеринен пайдаланыўының нәтийжесинде бул қаржылар тиккелей салық төлеўшилердиң өзинде қалды.
Атап айтқанда, салық түрлери кесиминде алып қарайтуғын болсақ, қосымша қун салығы ушын 168,3 миллиард сум, айланыстан алынатуғын салықтан 4,7 миллиард сум, пайда салығынан 21,8 миллиард сум ҳәм ресурс салықлары бойынша 78,2 миллиард сум есапланған салық суммалары исбилерменлик субъектлериниң ықтыярында қалды.
Демек бул, исбилерменлик субъектлеринде қалған қаржы исбилермен ушын жаңа үскенелерди сатып алып келиўге, өндирис, хызмет көрсетиў көлемин, жумысын кеңейтиўге ҳәм ең тийкарғысы мыңлаған инсанды жумыс пенен тәмийинлеўге шараят жаратады, дегени.
Итибарлысы, бул ҳүжжетлерде районлардың потенциалына қарап ҳәр қыйлы салық түрлерине ҳәр түрли жеңилликлер белгиленген. Буннан күтилген мақсет бир, яғный исбилерменлердиң аяққа турып алыўы, өз жумысын нәтийжели жолға қойып, елдиң абаданлығына өз үлеслерин қосыўға жәрдем бериў болып табылады.
Мине, усындай исбилерменлер ушын кең мүмкиншиликлердиң жаратылыўына тийкар болыўшы тағы бир тарийхый ҳүжжетлердиң бири Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 30-декабрь күнги “Республика аймақларын категорияларға ажыратыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўдың дифференцияластырылған системасын енгизиў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы болып табылады.
Пәрман менен, Қарақалпақстан Республикасы аймағы 5 категорияға ажыратылып, 5-категориядағы районларға Бозатаў, Кегейли, Қанлыкөл, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Шоманай районлары киргизилди. Бул районларда жумыс ислеўши исбилерменлер ҳәм сол аймақларда жумыс алып баратуғын исбилерменлер 2023-жыл 1-январьдан 2026-жылға шекем пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық және социаллық салықты 1 процент муғдарында төлеўи мүмкин болды.
Соның менен бирге, юридикалық тәреплердиң мүлк ҳәм жер салығын усы салықлар бойынша есапланған сумманың 1 проценти муғдарындағы салық ставкалары бойынша төлейтуғын болды.
Буннан тысқары бул аймақларда дизимнен өткен ҳәм жумыс жүргизиўши физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының қатаң белгиленген суммаларын төлеўден азат етилди.
Буның әҳмийетли тәрепи, усы салық жеңилликлериниң берилиўи менен ең шетки аймақлардағы бозатаўлы, кегейлиши, қанлыкөлши, тахтакөпирли, шоманайлы ҳәм мойнақлы 2015 исбилерменлик субъектиниң ықтыярында 11,3 миллиард сум ақша қалып атыр.
Мойнақ районы ҳәм бул районда жумыс алып баратуғын исбилерменлер ушын да айрықша салық жеңилликлери берилген.
Қысқаша айтқанда, усы жеңилликлер өз гезегинде аймақта қолайлы исбилерменлик орталығының жаратылыўына, жасырын экономиканың алды алынып экономиканың турақлылығына ерисиўине, исбилерменлер қатарының кеңейиўине ҳәм сол арқалы бәнтлик мәселелериниң шешилиўине мүмкиншилик береди.
Себеби, исбилермен бай болса, ел абат болады.
Мереке Мершиева,
Салық басқармасының жәмийетшилик пенен байланыслар
секторы баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги