Президент Шавкат Мирзиёев автомобиль жоллары қурылысына байланыслы режелердиӊ презентациясы менен танысты.
Мәмлекетимизде халықаралық ҳәм жергиликли жоллардыӊ тармағын раўажландырыў, транспортлардыӊ ҳәрекетине қолайлық жаратыў мақсетинде көплеген жойбарлар ислеп шығылған. Атап айтқанда, Азия раўажланыў банки қатнасыўында “Цемент-бетон қапламалы ишки жолларды қурыў” жойбары нәзерде тутылған. Жойбар шеӊберинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы 86 районда, 770 мыӊнан аслам халық жасайтуғын 272 мәҳәлледеги 841 километр жоллар цемент-бетон қаплама менен жаӊадан қурылады. Оған Азия раўажланыў банкиниӊ 240 миллион долларлық қарыз қаржысы қаратылған.
Қурылыс ҳәм техникалық қадағалаў жумыслары толық жергиликли жумысты бөлип алып ислеўшилер – жеке исбилерменлер ҳәм жергиликли инженерлер тәрепинен әмелге асырылады. Жоллар пайдаланыўға қабылланғаннан соӊ, бас бөлип алып ислеўши тәрепинен 5 жыл даўамында кепилликли саз жағдайда сақланады ҳәм эксплутацияланады.
Және бир жойбар халықаралық әҳмийеттеги М39 “Алмаата – Бишкек – Ташкент – Шаҳрисабз – Термиз” магистрал автомобиль жолыныӊ 1255-1315- километрлерин реконструкциялаўға қаратылған. Жолдыӊ бул бөлеги Деҳқонабад районыныӊ орайы Қорашина қалашасынан өткен болып, ҳәзирги күнде тар ҳәм оӊланыўы керек жағдайда.
Жойбар шеӊберинде 60 километр узынлықтағы жол цемент-бетон қапламадан төрт полосалы етип қурылады. Деҳқонабад районыныӊ орайын айланып өтетуғын 17 километрлик жаӊа жол, 14 көпир ҳәм жол өткеллери қурылады. Бул Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў қорынан тартылатуғын шама менен 154 миллион доллар есабынан қаржыландырылады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 10-октябрьдеги қарарында улыўмалық пайланыўдағы автомобиль жолларыныӊ дизимин қайтадан дүзиў ўазыйпасы белгиленген. Сондай-ақ, тәжирийбе-сынақ ретинде, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ҳәр бир ўәлаятта 20 километрден автомобиль жолын эксплуатациялаўға аутсоринг тийкарында жеке меншик сектор тартылатуғын жоллардыӊ дизими тастыйықланған.
Презентацияда бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм усы жылға мөлшерленген илажлар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Мәмлекетимиз басшысы жолларды сапалы қурыў, оӊланатуғын көшелердиӊ бойында тереклерди өсириў арқалы аймақлардыӊ экологиясын жақсылаў, аўылларда қолайлы жол-транспорт инфраструктурасын жаратыў бойынша көрсетпелер берди.
ӨзА