Усы жылдыӊ 15-апрелинен педагог кадрлар ушын маманлық сынақлары басланады

Бул ҳаққында мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниӊ баспасөз хызмети мәлим етти.
Атап өтилиўине бола, маманлық категориясын алыў бойынша сынақлар бир жылда кеминде бир мәрте еки басқышта өткериледи ҳәм 100 баллық системада баҳаланады.
Биринши басқышта – педагогтыӊ қәнигелик пәни ҳәм кәсип стандарты бойынша билим дәрежесин (80 балл), екинши басқышта – педагогикалық шеберлигин (20 балл) баҳалаў тәртиби енгизилмекте.
Ҳәр еки басқыш та компьютерде реал ўақыт режиминде (онлайн) өткериледи. Биринши басқышта педогоглардыӊ қәнигелик пәни бойынша 35 ҳәм кәсиплик стандартларына байланыслы 5 тест сораўы, екинши басқышта болса педагогикалық шеберликти анықлаў мақсетинде 10 сораў-тапсырма бериледи. Категория бериў процесслерине сыртқы араласыўлардыӊ алды алынып, инсан факторы минималластырылған.
2025-жыл 1-январьға шекем маманлық категорияларын бериў системасын ўәкилликли сырт ел шөлкемлериниӊ аккредитациясынан өткериў арқалы педагог кадрларға халықаралық стандартлар тийкарында маманлық сертификатын бериў әмелияты жолға қойылады.
Онда халықаралық стандартлар тийкарында маманлық сертификатын алған педагог кадрларға тариф ставкаларыныӊ әмелдеги муғдарына салыстырғанда 70 процент муғдарда қосымша ҳақы төленеди. Аттестация нәтийжесине бола, педагог кадрлардыӊ айлық мийнет ҳақыларына киргизилетуғын өзгерислер автоматикалық түрде есаплап шығарылыўы ушын UzASBO яки басқа қаржы есап-санақ бағдарламаларына жибериледи.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА