Жаслардың сиясий ҳәм ҳуқықый саўатлылығы артпақта

248

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекет университетинде ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен «Парламентте мениң орным» жойбары шеңберинде жаслардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў мақсетинде семинар шөлкемлестирилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы суды, Өзбекстан Республикасы адвокатлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими, IT парк Қарақалпақстан Республикасы филиалы, Жаслар парламенти ағзалары, жаслар ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда мәмлекетимизде соңғы жыллары әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар, “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгилеп берилген әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында мағлыўматлар берилди.



Жаслардың ҳуқықый мәдениятын жетилистириў, олардың санасына әдиллик ҳәм нызам үстинлиги идеяларын сиңдириў, адвокатура ҳәм суд тараўындағы жумыслар ҳәм ИТ тараўына қызығыўшы жаслар ушын IT парк жумыслары, резидентлерге берилип атырған жеңилликлер, мүмкиншиликлер атап өтилип, Жаңа Өзбекстанды қурыўда жаслардың орны, олардың сиясий процесслердеги белсендилиги сөз етилди. Илаж даўамында кәсип таңлаў, жаслар арасында жүз берип атырған жынаятларды азайтыў, олардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў бойынша турмыслық мысаллар менен мотивациялар берилип, түсиник жумыслары алып барылды.

Ушырасыўда студент-жаслар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги