“Блум гүли” методы үйренилмекте

Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында “Блум гүли” методы темасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.
Семинарда орайдың методикалық хызмет көрсетиў бөлиминиң методисти З.Багдиярова тәрепинен муғаллимлердиң сабақ процесинде креатив пикирлеўи, яғный оқыўшылар өз мақсетине ерисиўи ушын жаңа көзқарасларды қолланыўды үйрениў, дөретиўшилик машқалаларды шешиў көнликпелерине ийе болыўын раўажландырыўға қаратылған сораўлар ҳәм тапсырмалар бериў жоллары үйретилди.
Оқыўшылардың критикалық пикирлеўи, яғный, хабарларды сын көз-қарастан баҳалаў, машқалаларды бақлаў, астарлы мәниде берилген сөзлердиң мәнисин аңлай алыўы, баҳалаўға арналған сораўларға өз пикирлерин анық етип жеткериўи бойынша түсиниклер берилди.

Онда муғаллимлер топарларға бөлинип, “Блум гүли” методы бойынша әмелий шынығыўлар ислеп, бир-бири менен пикир алысып өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги