Тахтакөпирде үш әўлад ўәкиллери ушырасты

220

Тахтакөпир районындағы Мәденият орайында үш әўлад ушырасыўы ɵткерилди.

Оған район ҳәкимлиги ўәкиллери, аймақ нуранийлары, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери  қатнасты.

Онда Тахтакөпир районы ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғанов, «Нураный» қоры Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Т.Абдижаппаров, «Нураный» қоры районлық бөлими баслығы Е.Бегмановлар шығып сөйлеп, елимизде халқымыздың абадан турмыста жасаўы ушын жаратылып атырған шараятлар, әсиресе, ертеңги келешегимиз болған жаслардың айдын келешеги ушын әмелге асырылып атырған унамлы ислер, нуранийларымыздың жәмийет ҳәм келешек әўлад алдындағы әдиўли ўазыйпаларына кеңнен тоқтап ɵтти.

Буннан соң жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип, жасларға ɵрнек болып киятырған нуранийларға, социаллық жәрдемге мүтәж, жалғыз баслы кекселер ҳәм жасаў шараяты аўыр шаңарақ ағзаларына ақшалай бир мәртелик жәрдем пуллары менен естелик саўғалары тапсырылды.






Илаж Тахтакөпир районлық мәденият бɵлими тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги