Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў биринши жалпы мәжилиси ҳаққында МӘЛИМЛЕМЕ

30-март күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў биринши жалпы мәжилиси болып өтти.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.
Дәслеп сенаторлар тәрепинен «Телекоммуникациялар ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Атап өтилгениндей, жаңа редакциядағы бул нызам менен халыққа ҳәм телекоммуникация тараўында жумыс алып барыўшы субъектлерге бир қатар қолайлықлар жаратылмақта. Соның ишинде, бүгинги күнде жаңадан қурылған көп қабатлы турақ жайлардың айырымларында тийисли инфраструктура нәзерде тутылмағаны себепли қайта қурылыс жумысларын алып барыўға туўра келмекте. Бул әўерегершиликлердиң алдын алыў мақсетинде буннан былай имаратлар қурылысында заманагөй телекоммуникация инфраструктурасы мәжбүрий болады.
Атап айтқанда, көп қабатлы турақ жайларда жасаўшылардың арзасы болғанда хызмет көрсетиўши исбилерменлик субъектлерине имаратта бар инфраструктурадан бийғәрез пайдаланыў имканияты жаратылады. Операторларға телекоммуникация инфраструктурасы объектлеринен биргеликте пайдаланыўға рухсат бериледи.
Буннан тысқары, нызам менен телекоммуникация тараўында жумыс алып барыўшы субъектлерге бир қатар қолайлықлар жаратылмақта.
Нызамға бола енди банк, төлем системасы, төлем шөлкеми, электрон коммерциялық платформа қосымшалары арқалы хызметлерди көрсетиўде телекоммуникациялар тараўында жумыс алып барыў ушын лицензия талап етилмейди.
Соны айрықша атап өтиў керек, нызам нормалары Конституцияға бейимлестирилип, телекоммуникациялар тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында Интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан пайдаланыўды тәмийинлеў ушын шараятлар жаратыў екени белгилеп қойылмақта.
Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи телекоммуникация инфраструктурасынан нәтийжели пайдаланыў имканиятын жаратыў арқалы хызметлердиң қамтып алыўын ҳәм сапасын арттырыўға хызмет етеди. Додалаўлардан кейин нызам мақулланды.
Буннан кейин жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине суд ҳәкимиятының еркинлиги кепилликлерин беккемлеўге, судлар жумысы ҳаққында жәмийетшиликти хабардар етиўге ҳәм бирден-бир суд әмелиятын тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Бизге белгили, кейинги жылларда «Жаңа Өзбекстан – жаңа суд» принципи шеңберинде халықтың әдил судлаўға ерисиў имканиятларын буннан былай да кеңейтиў ушын инсанның қәдир-қымбатының үстинлигин тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли реформалар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, мәмлекетимизде суд-ҳуқық системасын буннан былай да жетилистириў, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў илажларын күшейтиў, әдил судлаўды нәтийжели тәмийинлеў бойынша избе-из жумыслар алып барылды. Алып барылған жумыслар нәтийжесинде әдил судлаўды әмелге асырыў процесинде шахслардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў дәрежеси жаңа басқышқа шықты.
Сондай-ақ, бүгинги күнде суд қарарларының нызамлылығы, тийкарлылығы ҳәм әдиллигин тексериў институтын жетилистириў арқалы процессуаллық кодекслерге пуқаралар ушын қолайлы ҳәм әпиўайыластырылған тәртипти жаратыўға қаратылған тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Буннан тысқары, жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясында суд ҳәкимиятының бий ғәрез ҳалда ис жүргизиўине ҳәм судьялар белгили ислер бойынша есап бермеўине байланыслы конституциялық кепилликлер белгилеп қойылғаны судлар жумысының нәтийжелилигин арттырыў жолындағы және бир әҳмийетли қәдем болды.
Бул конституциялық кепилликлерди турмысқа толық түрде енгизиў, суд ҳәкимиятының еркинлиги кепилликлерин буннан былай да беккемлеў мақсетинде судлар баслықларының халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине бир жылда кеминде бир рет мәлимлеме бериў ҳаққындағы қағыйданы бийкарлаў, сондай-ақ, суд қарарларын қайта көриў институтының жетилистирилгени мүнәсибети менен бирден-бир суд әмелиятын тәмийинлеў, нызамшылықтағы айырым бослықларды ҳәм келиспеўшиликлерди сапластырыў зәрүрлиги пайда болмақта.
Бул нызам менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине судлар баслықларының халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине бир жылда кеминде бир рет мәлимлеме бериў ҳаққындағы қағыйданы бийкар етиўди, өз гезегинде судлардың өз жумысы ҳаққында жәмийетшиликти ҳәр шеректе ғалаба хабар қураллары арқалы хабардар етип барыўы, сондай-ақ, суд қарарларын қайта көриў институтының жетилистирилгени мүнәсибети менен бирден-бир суд әмелиятын тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сенаторлардың атап өткениндей, нызам суд ҳәкимиятының еркинлиги кепилликлерин буннан былай да беккемлеўге, жәмийеттиң судлар жумысы ҳаққында турақлы мәлимлеме алыўы ушын беккем ҳуқықый тийкарларды жаратыўға, судьяларға әдил судлаўды әмелге асырыўға байланыслы болмаған қандайда бир миннетлеме жүклениўиниң алдын алыўға ҳәм олардың жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеўге, сондай-ақ, нызамшылықтағы айырым бослықлар ҳәм келиспеўшиликлерди сапластырыўға хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сондай-ақ, жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.
Мәмлекетимизде фармацевтика ҳәм химия санаатын халықаралық стандартларды есапқа алған ҳалда раўажландырыў және оған алдынғы илимий техника жетискенликлерин ҳәм инновацияларды енгизиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Дәри-дәрмақ қуралларын ислеп шығарыўшыларға қосымша шараятлар жаратыў мақсетинде бул нызам менен «Дәри-дәрмақ қураллары ҳәм фармацевтика жумысы ҳаққында»ғы нызамға дәри-дәрмақ қуралларын (субстанцияларды) мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртибиниң бийкар етилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте. Соның менен бирге «Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы ҳәм «Дәри-дәрмақ қураллары ҳәм фармацевтика жумысы ҳаққында»ғы нызамларға дәри-дәрмақ қуралларын рецепт пенен ямаса рецептсиз берилетуғын дәри-дәрмақ қураллары категориясына киргизиў тәртибин тастыйықлаў ўәкиллигин Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине жүклейтуғын, сондай-ақ, рецептсиз ямаса шыпакер рецепти бойынша берилетуғын дәри-дәрмақ қураллары ҳаққындағы мәлимлемени олардың медицинада қолланылыўына байланыслы инструкцияларда ҳәм Медицина әмелиятында қолланылыўына рухсат етилген дәри-дәрмақ қураллары, медициналық буйымлар ҳәм техниканы мәмлекетлик реестрде көрсетиў талабын енгизетуғын өзгерислер киргизилмекте.
Буннан тысқары, импорттың орнын басатуғын химиялық өнимлерди ислеп шығарыў көлемлерин кеңейтиў мақсетинде «Нәшебентлик затлары ҳәм психотроп элементлер ҳаққында»ғы нызамға юридикалық тәреплерге IV дизим шеңберинде Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын айырым прекурсорларды тийисли лицензияларға тийкарланып ислеп шығарыў ҳәм таярлаў ҳуқықын бериўши өзгерислер киргизилмекте.
Сенаторлардың атап өтиўинше, нызам халықтың ҳәм исбилерменлик субъектлериниң медицина әмелиятында қолланылыўына рухсат етилген дәри-дәрмақ қураллары ҳаққындағы хабардарлық дәрежесин арттырыўға, сондай-ақ, инвесторларды тартыў ушын шараятлар жаратыўға ҳәм химиялық өнимлер ислеп шығарыўды көбейтиўге хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соның менен бирге, сенаторлар тәрепинен «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.
Бизге белгили, кейинги жылларда мәмлекетимизде зергерлик санаатын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыўға, зергерлик буйымларының экспортын арттырыўға, сондай-ақ, туризм тараўын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў ушын ҳәр тәреплеме имканиятлар жаратыўға қаратылған салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Ҳәзирги ўақытта зергерлик тармағын санааттың тийкарғы драйверлеринен бирине айландырыў, зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ҳәм олардың саўдасы бойынша жумысты қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң шийки затына болған талапларды қанаатландырыў мақсетинде бул нызам менен Өзбекстан Республикасының Салық кодексине зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ушын пайдаланылатуғын баҳалы тасларды Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў қосымша қун салығынан азат етилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизилмекте.
Соның менен бирге, туризмди буннан былай да раўажландырыў, балалар саўалландырыў дем алыў орынларының нәтийжели жумысын әмелге асырыўы ушын оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде бул нызам менен Өзбекстан Республикасының Салық кодексин кәсиплик аўқамлары системасындағы балалар саўалландырыў дем алыў орынлары негизинде балалардың дем алыў мәўсиминен тысқары дәўирде шөлкемлестирилетуғын дем алыў үйлериниң ҳәм дем алыў зоналарының бул бағдардағы хызметлерди көрсетиўден алған пайдасы пайда салығынан азат етилиўи ҳаққындағы норма менен толықтырыў нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, «Туризм ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына кәсиплик аўқамлары системасындағы балалар саўалландырыў дем алыў орынлары негизинде балалардың дем алыў мәўсиминен тысқары дәўирде шөлкемлестирилетуғын дем алыў үйлери ҳәм дем алыў зоналары мәжбүрий сертификатластырыўдан азат етилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.
Атап өтилгениндей, бул нызам жергиликли зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларды шийки зат ресурслары менен тәмийинлеўге ҳәм олардың экспорт потенциалын арттырыўға, сондай-ақ, туризмди раўажландырыўға ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды. Жалпы мәжилисте «Жынайый дәраматларды легалластырыў ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша Евроазия топары ҳаққындағы Келисимге ҳәм Жынайый дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмни қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша Евроазия топарының бюджетин қәлиплестириў ҳәм атқарыў тәртиби ҳаққындағы Режеге өзгерислер киргизиў ҳаққындағы Протоколды (Ташкент, 2022-жыл 1-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам да додаланды.
Болып өткен додалаўларда Өзбекстан Республикасында жынайый дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға, ғалабалық қырғын қуралларын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Бирақ әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги көпшилик жағдайда бул бағдардағы халықаралық ҳәрекетлерди жақыннан муўапықластырыўға байланыслы. Сол себепли Өзбекстан жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўдың ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге айрықша әҳмийет қаратпақта.
Жынайый дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша Евроазия топары бүгинги күнде жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиў ҳәм қаржы процесслериниң ашық-айдынлығын арттырыў бойынша илажлар ҳәм стандартларды ислеп шығыў тараўындағы жетекши шөлкемлерден бири екени атап өтилди.
Сенаторлар көрип шығылған ҳүжжет Жынайый дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша Евроазия топарының жумысын буннан былай да раўажландырыўды, сондай-ақ, тийкарғы ўазыйпаларды халықаралық стандартларға муўапықластырыўды нәзерде тутатуғынын атап өтти.
Ғалабалық қырғын қуралларының тарқалыўын қаржыландырыўға қарсы гүресиў Евроазия топары жумысының тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгиленген. Нызам менен Евроазия топары баслығы лаўазымына қосымша талаплар белгилеў ҳәм оның секретариатының ўәкилликлерин айқынластырыў нәзерде тутылмақта.
Евроазия топары бюджетиниң талаплары ҳәм шәртлерине, яғный, ағза мәмлекетлердиң үлесине, қәрежетлерди бөлистириў ҳәм басқа да қаржы мәселелерине анықлық киргизилмекте. Сенаторлардың атап өтиўинше, Нызамның қабыл етилиўи миллий нызамшылықты буннан былай да жетилистириўге, жынайый дәраматларды легалластырыўға қарсы гүресиўге, терроризмге ҳәм ғалабалық қырғын қуралларын тарқатыўды қаржыландырыўға қарсы гүресиў тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер менен қатнасықларда Өзбекстанның унамлы имиджин қәлиплестириўге хызмет етеди. Нызам Сенат тәрепинен мақулланды.
Сенаторлар тәрепинен «Халықаралық мий нет шөлкеминиң Жумыс ислеп атырған ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар ушын тең қатнасықлар менен имканиятлар: шаңарақлық миннетлемелерге ийе хызметкерлер ҳаққындағы 156-санлы Конвенциясын (Женева, 1981-жыл 23-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам да көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, Халықаралық мийнет шөлкеминиң 156-санлы Конвенциясының мақсети – ҳақы төленетуғын жумысты орынлайтуғын ямаса орынлаўды қәлейтуғын, жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең қатнасықлар ҳәм тең имканиятларды тәмийинлеў, шаңарақлық миннетлемелерге ийе болған шахслардың кемситиўге ушырамаған ҳәм қолдан келгенше кәсиплик ҳәм шаңарақлық миннетлемелерди үйлесикли тәризде бирлестирген ҳалда өз ҳуқықларынан пайдалана алыў болып есапланады. Халықаралық мийнет шөлкеминиң 156-санлы Конвенциясы экономикалық жумыстың барлық тараўларына ҳәм барлық категориядағы жумысшыларға қолланылады.
Соны айрықша атап өтиў керек, бул Конвенцияның барлық талаплары Өзбекстан Республикасының миллий нызамшылығына толық имплементацияланған. Конвенция ҳәзирги күнге шекем Халықаралық мийнет шөлкемине ағза болған 187 мәмлекеттиң 45 си тәрепинен ратификацияланған. Олардың қатарында Норвегия, Швеция, Испания, Франция, Япония, Қубла Корея, Россия Федерациясы, Әзербайжан ҳәм Қазақстан сыяқлы мәмлекетлер бар.
Сенаторлардың пикиринше, Конвенцияны ратификациялаў келешекте миллий нызамшылықты буннан былай да жетилистириўде мийнет қатнасықларына тийисли болған талапларды, халықаралық стандартларды нәтийжели енгизиў, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер менен қатнасықларда Өзбекстанның унамлы имиджин беккемлеўге хызмет етеди. Додалаў жуўмақлары бойынша нызам мақулланды.
Сенаттың елиў биринши жалпы мәжилисинде Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (омбудсманның) 2023-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты тыңланды.
Атап өтилиўинше, Омбудсман 2023-жылы жаңа конституциялық қағыйдалар тийкарында инсан ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплери ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етиўи үстинен тәсиршең парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў, тараўға байланыслы миллий нызамшылықты ҳәм миллий превентив механизмди жетилистириў, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, пуқаралардың ҳуқықый сана-сезими ҳәм мәдениятын арттырыўда бир қатар жумысларды әмелге асырған.
Атап айтқанда, тәкирар мүрәжатлардың алдын алыў илажларының көрилиўи себепли унамлы нәтийжелерге, соның ишинде, пуқаралардың Омбудсманға еткен мүрәжатлары тийкарында олардың мәплерине дерлик 2 миллиард сум муғдарында қаржылардың өндирилиўине ерисилген.
Додалаўлар процесинде инсан ҳуқықлары менен еркинликлери тараўында анықланған нызам бузылыўын сапластырыў бойынша тәсир илажлары көрилгени, ғалаба хабар қураллары арқалы үгит-нәсиятлаў жумыслары санының артқаны атап өтилип, әсиресе, ҒХҚ ҳәм Интернет жәҳән мәлимлеме тармағында жәрияланған қыйнаў жағдайларына байланыслы хабарлардың үйренилиўи және оларға оператив мүнәсибет билдирилиўи унамлы баҳаланды.
Соның менен бирге, сенаторлар тәрепинен Омбудсман жумысы бойынша айырым усыныслар билдирилди.
Атап айтқанда, нызамда белгиленген тәсир илажларынан және де нәтийжели пайдаланыў, мүрәжатларды ең көп келип түскен аймақлар кесиминде үйрениў, ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген шахслар сақланатуғын орынларда жаратылған шараятларды ҳәм ол жерде сақланып атырған шахслардың машқалаларын үйрениў мақсетинде мониторинг сапарлары нәтийжелилигин арттырыў, регионаллық ўәкиллердиң қыйнаўға салыў ҳәм басқа да аяўсыз, адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатын кемситиўши қарым-қатнас ҳәм жаза түрлерин қолланыўдың алдын алыў бойынша жумысты жетилистириў мақсетинде тийисли ўазыйпалар белгиленди. Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Жалпы мәжилисте Министрлер Кабинетине қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың сапа қурамын жақсылаў, олардағы өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын қәстерлеп-сақлаў ҳәм кадастрын жүргизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша парламентлик сораўын жибериў мәселеси көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, елимизде экологиялық жағдайды жақсылаў, қоршаған орталықты қорғаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Климат өзгериўине қарсы гүресиў, оның унамсыз ақыбетлерин жумсартыў, қорғалатуғын тәбийғый аймақларды кеңейтиў тийкарғы ўазыйпаға айланды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде тараўды басқаратуғын ҳәм тәртипке салатуғын беккем шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый тийкарлар жаратылған. Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде республикада қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың улыўма майданы 6,321 миллион гектарға жеткерилип, олар мәмлекет аймағының 14,08 процентин қурамақта.
Қорғалатуғын тәбийғый аймақларда болса Өзбекстан Республикасы Қызыл китабына киргизилген ҳайўанлар (қабырғалы) түрлериниң 83 проценти ҳәм өсимлик түрлериниң 89 проценти қамтып алынған.
Додалаў процесинде сенаторлар тәрепинен қорғалатуғын тәбийғый аймақларда биокөптүрлиликти қәстерлеп-сақлаў, олардың сапа қурамын жақсылаў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы ўәкиллериниң кадастры жүргизилиўинде айырым мәселелер бар екени атап өтилди.
Соның ишинде, халық тәрепинен нызамлы тәризде шарўа малларының бағылыўы ҳәм басқа да унамсыз факторлар себепли қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың улыўма биомассасы сийреклескен.
Қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың биологиялық көптүрлилиги, деградация процесслери, олардың хожалық имканиятларын үйрениў бойынша илимий-изертлеў жумыслары талап дәрежесинде емес.
Кризиске ушыраған майданларды қайта тиклеў жумысларының әмелге асырылмағаны себепли самал ҳәм суў тәсиринде топырақ эрозиясы күшейип, шөллениў, шаң-боранлардың пайда болыўы жуқпалы түске енбекте. Кейинги жылларда түрли тәбийғый ҳәм антропоген факторлар себепли ҳайўанат ҳәм өсимликлер дүньясы түрлериниң саны азайып, жасаў орталықларындағы жағдай және де кескинлеспекте.
Айырым қорғалатуғын тәбийғый аймақларда орнатылған тәртип, қағыйдалар (режим) бузылыўы, соның ишинде, браконьерлик, нызамсыз қурылыслар ҳәм шарўа малларының бағылыўы ақыбетинде жабайы ҳайўан ҳәм өсимликлерге зыян жеткерилмекте.
Көпшилик жағдайларда өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилмей атыр. Тараўда қәнигелер таярлаў системасы жетерли дәрежеде жолға қойылмағаны себепли, маман кадрлар жетиспеўшилиги жүзеге келген.
Жоқарыдағылардан келип шығып, сенаторлар қорғалатуғын тәбийғый аймақларда биологиялық көптүрлиликти сақлаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўға қаратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўы, браконьерлик, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясы контрабандасы, нызамсыз қурылыслардың алдын алыў, шарўа малларын бағыў, кадастр мағлыўматларын қәлиплестириў ҳәм таллаў, тараўды санластырыў керек екенин атап өтти.
Сондай-ақ, қорғалатуғын тәбийғый аймақлар майданларын буннан былай кеңейтиў, олардан нәтийжели пайдаланыў, ижара қатнасықларын жетилистириў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик қағыйдаларын енгизиў, өрт қәўипсизлигин күшейтиў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарында әмелий илажлар нәтийжелилигин арттырыў зәрүр екенине итибар қаратты.
Додалаў жуўмағында Ҳүкиметке қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың сапа қурамын жақсылаў, олардағы өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын қәстерлеп-сақлаў ҳәм кадастрын жүргизиў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша парламентлик сораўын жибериў ҳаққында Сенат қарары қабыл етилди.
Соның менен бирге, жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.
Жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 9 мәселе, соның ишинде, 6 нызам додаланды.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының елиў биринши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети