Ҳүкимет қарарына бола, «Экологиялық транспорт» системасы шеӊберинде аймақлар олардағы тәжирийбе ҳәм инновациялық технологиялар тийкарында «жасыл», «сары» ҳәм «қызыл» реӊлер менен белиленетуғын «таза», «орташа» ҳәм «зыянлы» экологиялық зоналарға ажыратылып барылады.
«Экологиялық транспорт» системасы төмендеги басқышларда енгизиледи:
биринши басқышта (2024–2026-жыллары) – Ташкент қаласында;
екинши басқышта (2026-2028-жыллары) – Нөкис қаласы ҳәм ўәлаятлардыӊ орайларында, зәрүрликке бола, айрықша экологиялық зоналарда (саяхатшылық орайы, тәбият қорықханасы, саламатландырыў, дем алыў орны ҳәм басқалар);
үшинши басқышта (2028-2030-жыллары) – басқа барлық аймақларда.
Экологиялық категориясы аймақтыӊ экологиялық зонасына муўапық болмаған транспорт қуралларына экологиялық компенсация төлемлерин енгизиў яки олардан тийисли экологиялық зоналар аймағында пайдаланыўды шеклеў яки тастыйықлаў илажлары көриледи.
Экологиялық категориясы аймақтыӊ экологиялық зонасына муўапық болмаған транспорт қуралларынан экологиялық зоналар аймағында пайдаланыў тәртибине әмел етпегени ушын жуўапкершилик илажлары белгиленеди.
Жәрийма қаржылары болса мәмлекеттиӊ экологиялық жағдайын жақсылаўға ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға мақсетли қаратылады.
Аймақлардағы экологиялық зоналардыӊ шегараларын белгилеў ҳәм оларды өзгертиў тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардыӊ ҳәкимликлери тәрепинен Экология министрлигиниӊ усынысына тийкарланып әмелге асырылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги