Ташкентте Синьцзян өнимлери халықаралық көргизбесиниң рәсмий ашылыў мәресими өткерилди

210

Усы жылдың 30-март күни пайтахтымыздағы «Наўрыз» паркинде жумыс баслаған Синьцзян өнимлери халықаралық көргизбесиниң рәсмий ашылыў мәресими өткерилди.

Оның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов, Синьцзян-Уйғыр автономиялық районы Халық ҳүкиметиниң баслығы Эркин Тунияз, Қытай Халық Республикасының мәмлекетимиздеги елшиси Юц Сзюн ҳәм басқа да рәсмийлер ҳәм исбилермен топарларының ўәкиллери қатнасты.

Илаж жуўмағында парк аймағындағы этно қалашада Қытай делегациясының ҳүрметине «Наўрыз» сейили шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги