«Атмосфера ҳаўасына транспорт қуралларының унамсыз тәсирин азайтыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы ҳүкимет қарары менен 1-июньнан баслап республиканың барлық аймақларында транспорт қуралларының нормативлерине сәйкеслик дәрежесин анықлаў ҳәм нәтийжелери бойынша экологиялық стикерлер бериў бийпул, дизимге алыў ҳәм қайта дизимге алыў процеси басқышпа-басқыш әмелге асырылады.

Онда электромобиль ҳәм жаңа машина ийелерине жасыл стикер почта арқалы жибериледи. Экологиялық категориясы аймақтың экологиялық зонасына муўапық болмаған транспорт қуралларына экологиялық компенсация төлемлери енгизиледи.

Қарарда халыққа «зыянлы» категориядағы транспорт қуралларын «таза» категориядағы транспорт қуралларына алмастырыў ушын субсидия бериў системасы енгизилетуғыны да белгиленди. Экономика ҳәм қаржы министрлиги бир ай мүддетте бул системаны енгизиў ҳәм атмосфера ҳаўасын қорғаў және оның патасланыўының алдын алыўға қаратылған заманагөй көзқарасқа тийкарланған илажларды қаржыландырыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизеди.

Аймақлардағы экологиялық зоналар шегараларын белгилеў ҳәм оларды өзлестириў тийислисинше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери тәрепинен Экология министрлигиниң усынысына тийкарланып әмелге асырылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги