Әмиўдәрья районы «Ақ алтын» АПЖ да жасаўшы Қуралбай Камалов  бир неше жыллардан берли нәл жетистириў менен шуғылланып келмекте.

Ол үй қапталынағы төрт сотых жерге  ыссыхана шөлкемлестирип, ол жерге палыз егинлерин егиў менен бирге нәл жетистирип келмекте. Ҳәзирги ўақытта ыссыхананың бир бөлеги помидор, қыяр егилген болса бир бөлегинде қутышаларда туқымнан көгертилген палыз өнимлериниң нәллери өсирилмекте.

-Булардың бәрин туқымнан егемиз. Топырағына қыйды ширитип, суўғарып қайта ислеп, қурамы байытылғаннан соң егемиз. Бул жумысларға улларым, келинлерим жәрдем береди. Дәрамат жақсы. Өнимлерди шаңарағымызға пайдаланыў менен бирге, нәллерди сатамыз ,-дейди ол.





Куралбай ата мийнет напақасына шығаман дегенинше өндиристе мийнет етти. Хызмет ўазыйпасы менен Россия мәмлекетине барғанда алып келген арша нәллери  ҳәзирги ўақытта нәрўан дараққа айланған. Сондай-ақ, үй қапталындағы мийўе нәллери де шаңарақтың мүтәжлигине жарап, мийўе берип келмекте. Наўқан тутып, пиллешиликке үлес қосатуғын Камал атаның балалары менен келинлери мийнеттен ҳеш шаршаған емес. Олардың бул мийнетсүйгишлиги көпшиликке үлги болса арзыйды.

Гулнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги