Истиң көзин билип ҳәрекет еткенге жумыстың да, өнердиң де түри көп. Әсиресе, үй қапталындағы қайтақ жерди егиў адамды мийнетке үйретиў менен бирге, шаңарағыңды палыз өнимлери менен тәмийинлеп,аўысқанын базарға шығарып сатыў арқалы мол дәрамат алыўға тийкар жаратады.
Соңғы жыллары мәмлекетимизде үй қапталындағы қыйтақ жерлерден өнимли пайдаланыўға айрықша итибар қаратылып, бир қанша жумыслар алып барылмақта.
Әмиўдәрья районында үй қапталында ыссыханалар қурып, қыстың күнлери де бар имканияттан пайдаланып палыз өнимлерин жетистириў жақсы жолға қойылған. Райондағы «Ақ алтын» АПЖ аймағында болғанымызда үй қапталында ыссыханалар қурып, қыйтақ жерден өнимли пайдаланып отырған бир неше хожалықлардың гүўасы болдық. Солардың бири Каримбай Нетуллаевтың шаңарағы. Олар үй қапталында ыссыхана шөлкемлестирип, шаңарақ ағзалары менен биргеликте 2 ярым сотых жерден помидор, қыяр, редиска, пияз, картошка өнимлерин жетистирмекте. Келини Дилдара Сабирова бул ислерге бас-қас болып, ата-енеси, өмирлик жолдасы менен биргеликте мийнет етпекте.
-Төрт жылдан берли ыссыханамызда палыз өнимлерин егип зүрәәт алып келмектемиз. Быйылғы егинлерди февраль айының он бесинши сәнесинде еккен болсақ, апрель, май айларында жыйнап аламыз. Картошкадан 500 килограммдай өним аламыз. Өткен жылы 20 миллионға шамалас пайда көрдик,-дейди шаңарақ баслығы Каримбай Ниетуллаев.
Шаңарақ ағзаларының бәри де тынып-тыншымай мийнет етип, жер менен айланысады. Дәслеп стаканларға туқымнан көгертип, соң нәллерди көширип өткериўди, Дилдара қызлық дәўиринде әкесиниң шаңарағынан үйренип келген. Жер менен тиллес болыў оның ең жақсы көрген өнери. Буның менен шекленбей ол мәҳәлледе азық-аўқат дүканын ашып, исбилерменлик жумысларын да алып бармақта. Оған бәрқулла ата-енеси менен өмирлик жолдасы жәрдем берип келмекте.
-Табыстың гилти мийнетте,-дейди ол. Адам мийнет етсе ғана үлкен нәтийжелерге ериседи.
Ол дурыс гәпти айтты. Биз буны қыйтақ жерден мол дәрамат алып, үлкен нәтийжелерге ерисип отырған шаңарағының мысалында көрдик.
Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги