Кегейли районында қарақалпақ әдебиятының классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 200 жыл толыўы мүнәсибети менен  «Әжинияз шығармаларының билимданы» атамасындағы Республикалық таңлаўдың районлық басқышы болып өтти.

Таӊлаўға райондағы улыўма орта билим бериў мектеплеринен  оқыўшылар қатнасты ҳәм белгиленген шәртлер бойынша ѳз билимлерин сыннан ѳткерди.



Қызықлы өткен таӊлаў жуўмағында, биринши орынды  19-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы А.Есемуратова, екинши орынды 8-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы У.Жадигерова ҳәм үшинши орынды 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы А.Қощановалар ийелеўге миясар болды ҳәм жеңимпаз оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги