Қарақалпақ әдебиятының классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 200 жыл толыўы мүнәсибети менен шайырдың шығармаларын мектеп оқыўшылары арасында үгит-нәсиятлаў, әдеп-икрамлылық мазмунындағы шығармаларынан үлги алыў, сондай-ақ, китапқумарлықты кеңнен ен жайдырыў мақсетинде өткерилген «Әжинияз шығармаларының билимданлары» атамасындағы Республикалық таңлаўдың Нөкис қалалық басқышы шөлкемлестирилди.




Таңлаў жуўмағына бола 28-санлы мектеп оқыўшысы Маденбаева Айнура биринши орынды ийелеп, таңлаўдың республикалық басқышына жоллама алды. 37-17-санлы мектеп оқыўшылары Бекмурзаева Меҳрибан, Көмекбаева Айсанемлер екинши ҳәм  36-20-12-санлы мектеп оқыўшылары Қаллибекова Рано, Ердашова Динара, Муратбаева Фатималар үшинши орынларды ийелеп шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары ҳәм ҳүрмет жарлықлар менен сыйлықланды.

Таңлаўда қосымша «Дилўарлық билимданы» номинациясы 1-санлы мектеп оқыўшысы Жуманиязова Сайдаға, “Шешенлик билимданы” номинациясы 33-санлы мектеп оқыўшысы Юсупбекова Гүлбаҳарға, “Сулыў сөздиң билимданы” номинациясы 42-санлы мектеп оқыўшысы Мамбетниязова Марзияға, “Зийрек қатнасыўшысы” номинациясы 18-санлы мектеп оқыўшысы Балтабаева Шахризадаға, “Ағла қатнасыўшы”  номинациясы 25-санлы мектеп оқыўшысы Еркинбаева Наргизаларға несип етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги