Оған бола, 9-класс оқыўшыларыныӊ жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясы:

— Ана тили ҳәм әдебияты пәнинен — жазба;

— Мәмлекетлик тил (билимлендириў тили өзбек тили болмаған класслар ушын) ден — жазба;

— Математика пәнинен — жазба;

— Өзбекстан тарийхы пәнинен— жазба/аўыз-еки;

— Денетәрбия пәнинен — әмелий түрде өткериледи.

11-класс оқыўшыларыныӊ жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясы:

— Ана тили ҳәм әдебияты пәнинен — жазба (шығарма);

— Математика пәнинен — жазба;

— Мәмлекетлик тил (билимлендириў өзбек тилинде алып барылмайтуғын улыўма орта билимлендириў мәкемелери ушын, билимлендириў мәкемесиниӊ таӊлаўы тийкарында) ден — жазба ҳәм аўыз-еки;

— Шет тили пәнинен — жазба/аўыз-еки;

— Өзбекстан тарийхы пәнинен— жазба/аўыз-еки;

— (Оқыўшыныӊ таӊлаўы бойынша) Химия, Физика, Мәмлекетлик ҳуқық тийкарлары , География пәнинен — жазба түрде өткериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги