Телеграм канал ийелери ушын рәсмий монетизация бағдарламасын усыныс етти. Онда канал администраторлары өз каналларында пайда болатуғын рекламадан түскен дәраматтыӊ 50 процентин алыўы мүмкин болады.

Төлем тек санлы криптовалюта – TONʻда әмелге асырылады. Канал сазламаларында статистиканы бақлаў мүмкин. Жаӊа түрдеги реклама пайда болады, оны жайластырыў ушын TON төленеди.

Монетизация бағдарламасы Россия, Украина, Палестина, Германия ҳәм Израильда ҳәзирше ислемейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги