Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын Тахтакөпир районына пресс-тур шөлкемлестирилди.

Дәслеп журналистлер райондағы “Good Salt Production” жуўапкершилиги шекленген жәмийети кәрханасына барды. Бул кәрхана 2020-жылдың май айынан баслап ас дузын ислеп шығарыў менен шуғылланып келмекте. Кәрханада 25 жумысшының бәнтлиги тәмийинленген болып, кәрхана тәрепинен жылына 10 мың тонна ас дузы өнимлери қайта исленип жергиликли базарларды тәмийинлеп келмекте. Ас дузы өнимлерин экспорт етиў бойынша 2022-жылы июль айында Германия мәмлекетиниң Monolith Mitte GmbH компаниясы менен 1,0 миллион евролық шәртнама дүзилип, бүгинги күнге шекем 131,0 мың долларлық өним Германия мәмлекетине экспорт етилген.

Алдағы ўақытларда кәрхананың өндирислик қуўатлылығын арттырыў мақсетинде 16,5 милллиард сумлық жеңиллетилген кредит есабынан заманагөй әсбап-үскенелер алып келип, экспорт географиясын кеңейтиў ҳәм жаңа базарларға кирип барыў, соның менен бирге, қосымша 10 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў режелестирилген.

Кәрханада дузды майдалаў, сортлаў ҳәм қадақлаў жумыслары толық кәрхананың өзинде әмелге асырылады. Ең әҳмийетлиси – ас дузы ушын шийки зат районның өзиндеги дуз кәнлеринен алынады.

Соң илаж қатнасыўшылары райондағы «Шалаң-сай» жеке кәрханасының жумыслары менен танысыў мақсетинде Шалаңсай көлине ҳәм дийқаншылық, бағшылық, шарўашылық ҳәм қусшылық пенен шуғылланып атырған Мақсет Шалабаевлардың шаңарағына барды.



«Шалаң-сай» жеке кəрханасы 2017-жылдан баслап Тахтакөпир районы Қоңыраткөл аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 2,4 гектар майдандағы көлде балықшылық пенен шуғылланып келмекте.

Райондағы Айдын жол МПЖ да жасаўшы Мақсет Шалабаев напақада болыўына қарамастан мийнет етиўден шаршамайды екен.

–  Мәмлекетлик грант тийкарында 1,5 сотых жерге теплица орнаттық,-дейди ол. – Бул ушын мәкан пуқаралар жыйынымыздағы ҳәким жәрдемшисинен миннетдармыз. Ыссыхана қурылып питемен дегенше басында турып жәрдем көрсетти.

Быйыл қыста редиска егип едим. Өнимин жыйнап алдық. Енди 150 түп қыяр, 150 түп помидор ектик. Мол өним аламыз ба, деп үмит етип отырмыз. Егинлерди тамшылатып суўғарып атырмыз. Ысыханадан сырттағы қыйтақ жерлерди де бос қойып атырғанымыз жоқ. Бул жерлерге де бәҳәр мәўсими басланыўдан помидор, қыяр, пияз ҳәм басқа да денсаўлық ушын пайдалы палыз өнимлерин егемиз. Жеримиздиң еле де өнимдар болыўы ушын биогумус жетистириўди де жолға қойдық. Буннан тысқары жеңиллетилген кредит тийкарында алған 15 дана нәсилли қойларымыздың саны бүгин 45 ке жетти. Бүгин және бир қойымыз қозылады. Алдағы ўақытлары инкубатордан пайдаланып, қусшылық тараўын да теңдей алып барыўды режелестирип атырмыз.

Пресс-тур қатнасыўшылары 2015-жылдың июль айынан баслап Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында заманогөй технологиялар тийкарында мебель ҳәм мебель өнимлерин ислеп шығарыў менен шуғылланып атырған “SHUKHRAT STYLE” шаңарақлық  кәрханасына барды.

Бүгинги күнде кәрханада 6 пуқараның бәнтлиги тәмийинленген болып, кәрхана тәрепинен жылына 300,0 миллион сумлық мебель өнимлери ислеп шығарылмақта.

Алдағы ўақытларда өндирислик қуўатлылығын кеңейтиў мақсетинде, Қытай Халық Республикасынан жаңа үскенелерди алып келиў нәтийжесинде жумсақ мебельлер ҳәм MDF есиклерди ислеп шығарыў ҳәм қосымша
10 жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Илаж жуўмағында Саўда-санаат палатасының Тахтакөпир районлық бөлими тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған баспасөз конференциясы өткерилип, онда усы бөлим баслығы Б.Төлегенов, басқарманың мәлимлеме хызмети баслығы Б.Худайназарова, Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети баслығы Н.Жарылқасиновлар тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

– Районымызда жәми 567 исбилерменлик субъекти жумыс ислеп турыпты. Соннан 499 исбилермен Саўда-санаат палатасына бийпул ағзалыққа қабыл етилген. Басқарманың районлық бөлими тәрепинен исбилерменлерге жеңиллетилген кредит ҳәм субсидиялар алыўда, бизнес-реже ислеў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарында ҳәр тәреплеме жәрдем берилмекте,-дейди Б.Төлегенов.

Районымыз драйвери шарўашылық ҳәм дийқаншылық болып, район аймағында 1-март ҳалатына  дийқан ҳәм фермер хожалықларысыз жәми 567 исбилерменлик субъекти мәмлекетлик дизимнен өткен. Палатаға бийпул ағза болған исбилерменлерге 39 түрдеги төлемли ҳәм 27 түрдеги бийпул хызметлер усынылды.

Районымыздағы исбилерменлердиң мүрәжатларын үйрениӯ мақсетинде айына еки мәрте район ҳәкиминиң биринши орынбасары ҳәм Саўда-санаат палатасы менен менен биргеликте исбилерменлер күни өткерилип барылмақта. Исбилерменлик субъектлерине палата тәрепинен райондағы 13 исбилерменлик субъектине 800 миллион сумлық кредитлер ажыратылыўында, сондай­-ақ, бизнес-реже ислеў ҳәм басқа да мәселелерде жәрдем көрсетилди.

Баспасөз конференциясы даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери