Усы жылдың 29-март күни Нөкис қаласында жаңадан ашылған “DAMIR Hotel” мийманханасында Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы тәрепинен Ишки туризм ярмаркасы өткерилди.

Илажда республикамыз аймағында халыққа, соныӊ ишинде, сырт елли мийманларға хызмет көрсетип киятырған  жергиликли туристлик кәрханалар, жайластырыў орынлары, солардыӊ қатарында мийманхана, хостел, мийман үйлери, сондай-ақ басқа да туризм тараўындағы исбилерменлик субъектлери  ҳәм ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери қатнасты.










Ярмарканыӊ ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Р.Зарикеев, Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасыныӊ баслығы Г.Изентаева ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиӊ басшылығында дүнья туризм базарындағы күшли бәсеки шараятында мәмлекетимизге сырт елли туристлерди кеӊнен тартыў, оларға зәрүр шараятларды жаратыў, аймақларды өз-ара байланыстырыўшы туризм хызметлерин буннан былай да кеӊейтиў, тараўда жаӊа жумыс орынларын жаратыў бағдарында кеӊ көлемли жумыслар алып барылмақта. Соныӊ ишинде, республикамыздыӊ туризм потенциалын сырт мәмлекетлерде үгит-нәсиятлаў бүгинги күнниӊ әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 12-январь күнги “Республикаға сырт елли туристлер ағымын кескин арттырыў ҳәм ишки туризмди буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманының 13-бәнтинде ишки туризмди қоллап-қуўатлаў, туристлик хызметлер ҳәм өнимлерди кеңнен усыныў мақсетинде “Өзбекстан бойлап саяхат ет!” ишки туризм ярмаркасын өткериў ўазыйпасы белгиленген. Ярмарканы шөлкемлестириўден мақсет, аймақлардың туристлик потенциалын арттырыў, жергиликли саяхатшыларды тартыў, туризм хызметлери экспортын кеңейтиўден ибарат.

Илаж шеңберинде миллий өнерментлердиң көргизбеси, туристлик кәрхана ҳәм жайластырыў орынларының бүгинги күндеги имканиятларын сәўлелендириўши көргизбелер, соның менен бирге, “DMO Karakalpakstan” жәмийетлик шөлкеминиң презентациясы, исбилерменлер арасында ишки туризмди раўажландырыў бойынша өз-ара бирге ислесиў бойынша B2B ушырасыўлар шөлкемлестирилди.

Көрсеткишлерге нәзер таслайтуғын болсақ, 2023-жыл даўамында республикамызға 118 мың сырт елли турист келген болса, ишки туризм көрсеткиши 1 миллионнан асты. Бүгинги күнде улыўма 102 жайластырыў орны болып, соннан 31 мийманхана, 45 мийман үйи ҳәм 26 хостел жумыс алып бармақта. Туристлик кәрханалардың саны болса 62 ге жетти.

Илаж соӊында тараўда жақсы нәтийжелерге ерисип киятырған кәрхана ҳәм шөлкемлердиӊ басшыларына естелик саўғалары тапсырылды. Туризм ярмаркасы сүмелек сейилине уласып кетти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги