Президентимиздиң 2024-жыл 9-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеўдиӊ қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары менен жаңадан сатып алынатуғын “L-410” маркалы самолётлардан бир данасын Қарақалпақстан Республикасында ишки рейслер ушын дислокациялаў, онда «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» авиақатнаўын жолға қойыў бойынша илажлар көриў тапсырмасы берилген еди.

Усы тапсырманың орынланыўы бойынша быйылғы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап Uzbekistan Airways компаниялары топарына кириўши «Silk Avia» бренди астындағы «Uzbekistan Helicopters» ЖШЖ тәрепинен «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси бойынша турақлы қатнаўлар жолға қойылмақта.

Жаңадан ашылған «Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси апрель айынан баслап ҳәптесине 3 мәрте (дүйшемби, жума ҳәм екшемби күнлери) саат 9:00 ден «Нөкис – Мойнақ» ҳәм саат 10:05 те «Мойнақ – Нөкис» жөнелислери бойынша пәрўазларын әмелге асырады.

Соныӊ менен бирге Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген қарары тийкарында республикамызға туристлер ағымын буннан былай да көбейтиў, оларға қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде усы жылдың апрель айынан баслап Нөкистен Стамбулға авиақатнаўларды жолға қойыў тапсырмасы берилген еди. Қарар тийкарында Өзбекстан ҳәм Туркия авиакомпаниялары арасында сөйлесиўлер алып барылып, Нөкис-Стамбул жөнелисинде пәрўазларды әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.

Әлбетте, бундай имканиятлардың жолға қойылыўы Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары ҳәм ғамхорлығының және бир көриниси есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги