Мектеп оқыўшылары арасында зийрек балаларды анықлаў, олардың талантын жүзеге шығарыўға имканият жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, халқымыздың сүйикли шайыры Әжинияз Қосыбай улының шығармаларын үгит-нәсиятлаў, әдеп-икрамлылық мазмунындағы шығармаларынан үлги алыў, жас әўладтың сана-сезимин өсириў, сондай-ақ, китапқумарлықты кеңнен ен жайдырып барыў мақсетинде, Хожели районлық мәлимлеме-китапхана орайында «Әжинияз шығармаларының билимданы» таңлаўының районлық басқышы өткерилди.



Таңлаўда 1-орынды 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы  Дилдара Жумабаева, 2-орынды Зилола Камалова, 3-орынды 3-санлы мектептиң оқыўшысы Мунира Аманбаевалар ийелеп, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими тәрепинен Диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Буннан тысқары таңлаў жуўмағында,  “Сулыў сөздиң билимданы”, “Шешенлик билимданы”, “Дилўарлық билимданы”, “Ағла қатнасыўшы” ҳәм “Таңлаўдың белсенди қатнасыўшысы” номинациялары бойынша да жеңимпазлар сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги