Мәмлекетимизде жаслардың  исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын имканиятлар жаратылып,  оларға жеңиллетилген кредитлер ҳәм субсидиялар ажыратылып берилмекте. Бундай имканиятлардан утымлы пайдаланған жаслар, шаңарағында исбилерменлик жумысларын  жолға қойып, жақсы нәтийжелерге ерисип келмекте.

Әмиўдәрья районы «Ақ алтын» АПЖ аймағында жасаўшы Миясар Сапарбаева қол ушы талап ислеп жүрген өмирлик жолдасына жәрдем болсын деп буйыртпа тийкарында  қоңсы-қобалардың кийим-кеншеклерин тигип бере баслайды. Тигиў машинасы гөне болғанлықтан оның заманаға сай  кийимлерди тигиўин имканияты шекленгенликтен заманагөй тигиў машинасын алыўға зәрүрлиги туўылады. Жумыссыз жас шаңарақтың жағдайынан хабар алып турған «Ақ алтын» АПЖ ҳаял-қызлар мәсләҳәтшиси Махира Якупова оған жумыс көлемин кеңейтиўи ушын жеңиллетилген кредит алыўды усыныс етеди. Ол  район орайындағы «Тамара техстил» оқыў орайында тигиўшилик бойынша билимин жетилистирип, сертификатқа ийе болды.  «Жаслар дәптери»не киргизилген Миясар 22 млн жеңиллетилген кредит алып, шаңарағында тигиў цехын шөлкемлестиреди.

-Мәмлекетимизде биз жаслар ушын Президентимиз тәрепинен үлкен имканиятлар жаратылып берилип атыр. Мине, усындай ғамхорлықлар тийкарында өз бизнесимди жолға қойып атырман. Ҳәзирше еки қызды жумыс пенен тәмийинледим.  Алдағы ўақытлары цехымды кеңейтип, жумыссыз қызларды жумыс пенен тәмийинлеў нийетиндемен,-дейди Миясар.

Ис билгенге, имкан көп деген. Жас исбилерменниң жумыслары алға илгерилей бериўине тилеклеспиз.


Г.Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги