Ҳәзирги ўақытта ϴзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Актам Хайитов басшылығындағы жумысшы топар ағзалары республикамызда болып, халықтың үй қапталы қыйтақ жерлеринен пайдаланыў, бәнтликти тәмийинлеў, дәраматын арттырыў, өним жетистириў көлемин көбейтиў, микроэкономикалық турақлылық ҳәм экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажлардың жағдайын үйренбекте.

Атап айтқанда, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларынан ибарат жумысшы топар Беруний районында Президентимиздиң басшылығында өткерилген мәжилислерде белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы менен таныспақта. Соның ишинде бул бағдарда бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўы үйренип шығылды.

Президентимиздиң қарары менен тастыйықланған реже тийкарында О.Жуманиязов мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 2022-жылы қайтадан шөлкемлестирилген  шаңарақлық шыпакерлик пунктиниң авариялық жағдайдағы имаратының орнында заманагөй еки қабатлы жаңа имараттың қурылыс жумыслары басланған еди. Бул имараттың қурылыс жумыслары ушын мәмлекет бюджетинен 3,5 миллиард сум қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған болып, оны 6 айдың ишинде питкериў режелестирилген. Сондай-ақ райондағы Гүлистан мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 49-санлы улыўма билим бериў мектебиниң жойбары  “Басламалы бюджет”те жеңимпаз болып,  1 миллиард 78 миллион сум утып алды. Усы қаржының есабынан мектеп аймағын металл-конструкторлы тосық пенен қоршаў, спорт майданшасын қурыў жумыслары бүгин қызғын алып барылмақта. Жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем бул объектти белгиленген мүддетинен алдын питкериўди мақсет етпекте.

Ҳәр қандай реформалардың әмелдеги орынланыўы халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге, оларға қолайлы шараят жаратыўға қаратылған. Районда Жәҳән банкиниң кредит ҳәм бюджет қаржылары есабынан пайдаланыўға тапсырылған “Бостон” каналы Беруний, Елликқала ҳәм Төрткүл районларының халқын суў менен тәмийинлеўге хызмет етеди. Мәмлекетимизде “Жасыл энергетика”ны қоллап-қуўатлаў бойынша жаратылған имканиятлардан пайдаланған исбилермен Р.Казаков тәрепинен райондағы “Тоқымашылық” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 11 миллиард сумлық жойбар тийкарында қуяш панеллер орнатыў жумыслары алып барылмақта. Бул жойбардың иске түсирилиўи менен саатына орташа  1 МВт электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болады. Бүгинги күнге қурып питкерилген бөлегинен ислеп шығарылған  электр энергиясын мәмлекетке сатыў жолға қойылған. Жойбардың әмелге асырылыўы халықты үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў имканиятын арттырыў менен бирге экологиялық машқалалардың алдын алады.

Үйрениўлер жуўмағында район ҳәкимлигиниде тийисли тараў басшыларының қатнасында машқала ҳәм усыныслар додаланды. Бул бағдардағы жумыслар орынларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги