«Өнер өмир азығы» деп халқымыз бийкарға айтпаған. Себеби, өнерли адам ҳәр қашанда турмыс қыйыншылықларын жеңиўде өз жолын таўып, ҳәм шаңарағына ҳәм жақынларына жәрдеми тийип, келешегине дурыс жол сала алады.

Әмиўдәрья районы «Ақ алтын» АПЖ аймағында жасаўшы Гүлчеҳра Утебаева кишкенелигинен тоқыў ҳәм тигиўшилик өнерине қызығып, келин болып түскен шаңарағында да бул өнерин даўам етип киятыр. Оның бул қызығыўшылығынан хабардар болған мәҳәллениң ҳаял-қызлар бойынша мәсләҳәтшиси М. Якупова «Ҳаяллар дәптери»не киргизип, кәсип-өнер бойынша билимин жетилистириўи ушын оқыў курсында билим алыўды мәсләҳәт береди. Соның нәтийжесинде Гүлчеҳра оқыў курсында билим алып, сертификатқа ийе болады.

-Шаңарақлық бизнес пенен шуғылланып, үйде қарыйдарлардың буйыртпасы тийкарында ҳәр қыйлы кийим-кеншеклер ҳәм үй-руўзыгершилик буйымларын тоқып, тигип берип атырман. Бул өнерди балалығымда кемпир апамнан үйренгенмен. Өнерим өмириме азық болып атыр десем қәтелеспеймен. Енди жеңиллетилген кредит  алып, бул  жумысларымды жетилистирсем деген нийеттемен,-дейди ол.


Ҳәзирги ўақытта оннан тигиўшилик сырларын үйренип атырған қызлардың қатарында өзиниң кишкене қызларының да бул өнерге деген қызығыўшылығы жоқары.


Г.Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги