Хийўа қаласында ҒМДАға ағза мәмлекетлер шегара уйымлары басшыларының 8-регионаллық мәжилиси болып өтти.

Илажда Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан, Россия Федерациясы, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан республикаларының шегара уйымларының ўәкиллери, Шегара әскерлери Сәркардалары Кеңесиниң Муўапықластырыўшы Хызмети хызметкерлери, сондай-ақ, мирәт етилгенлер сыпатында ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң Терроризмге қарсы гүресиў орайы ҳәм ШБШ Регионаллық контртеррор структурасы Атқарыў комитетиниң делегациялары қатнасты.

Ушырасыўда Орайлық Азия регионындағы заманагөй геосиясий факторлар ҳәм қәўип-қәтерлердиң ҒМДАға ағза мәмлекетлер сыртқы шегараларының қәўипсизлигине тәсири көрип шығылды және оларға қарсы биргеликте әмелге асырылыўы керек болған илажлар белгилеп алынды.

Делегациялар басшыларының атап өтиўинше, ҒМДАға ағза мәмлекетлер Шегара әскерлериниң Сәркардалары Кеңеси шегара қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы әҳмийетли мәселелерге бирден-бир, улыўма көзқарасты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў бағдарында мәмлекетлераралық нәтийжели платформа (майдан) ўазыйпасын атқарып келмекте. Сондай-ақ, илажда өз-ара түсинисиў, исеним ҳәм жақсы қоңсышылық тийкарындағы шегара бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў зәрүр екени айрықша атап өтилди.

ӨзА