Абдулла Арипов Синьцзян-Уйғыр автономиялы районы Халық ҳүкимети баслығы Эркин Тунияз бенен ушырасты

28-март күни Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Синьцзян-Уйғыр автономиялы районы Халық ҳүкимети баслығы Эркин Тунияз бенен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда еки тәреплеме байланыслар барған сайын беккемленип атырғаны, онда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин арасындағы тығыз, қызғын ҳәм тилеклеслик қатнасықлары оғада үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Соӊғы жыллары аймақлараралық бирге ислесиў де жедел раўажланып бармақта. Тек ғана өткен жылдыӊ өзинде мәмлекетимизде Синьцзян-Уйғыр автономиялы районы, Шенси, Шандун, Сзянсу, Сзянси, Анхой ҳәм басқа провинциялардыӊ басшылары келди.
Сөйлесиў даўамында бул бағдардағы жумысларды және де кеӊейтиў, соныӊ менен бирге, инвестиция, санаат кооперациясы, энергетика, транспорт-логистика, аўыл хожалығы, билимлендириў, туризм ҳәм басқа тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де раўажландырыў зәрүр екени атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги