Өзбекстанда тәбийғый суў бассейнлеринде балық аўлаў қадаған етилмекте
155

10-марттан баслап республикамыздыӊ барлық аймақларындағы тәбийғый суў бассейнлеринде балық аўлаў қадаған етилмекте. Бул қадаған Өзбекстан Республикасыныӊ 2020-жыл 8-июльдағы «Аӊ аўлаў ҳәм аӊшылық хожалығы ҳаққында»ғы 627-санлы Нызамына тийкарланып енгизилмекте.
Демек, балықлардыӊ уўылдырық қойыў мәўсими даўамында Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья суў бассейнлеринде 10-марттан 31-майға шекем, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Харезм ўәлаяты суў бассейнлеринде 25-апрельден 10-июньға шекем ҳәм басқа барлық суў бассейнлеринде 16-апрельден 31-майға шекем балық аўлаў мүмкин емес.
Сондай-ақ, қадаған етилген дәўирде браконьерлерге қарсы гүресиў күшейтиледи. Нызамсыз балық аўлағанларға болса кескин шара көриледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги