Өзбекстан Республикасыныӊ сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Бельгияныӊ Өзбекстандағы елшиси  етип тайынланған Анри Вантигемнен исеним жарлығын қабыл етти. Бул ҳаққында СИМ баспасөз хызмети мәлим етти.

Сөйлесиў барысында еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыўға өз-ара таярлық атап өтилди. Өзбекстан ҳәм Бельгия компаниялары арасында тығыз байланыс орнатыў ҳәм өз-ара ис-ҳәрекетти жеделлестириў зәрүр екени мақулланды.

ӨзА