Мәмлекетимиз СИМ баспасөз хызметиниӊ хабарына бола,  Бахтиёр Саидов АҚШ сенаторы Стив Дейнс пенен ушырасты.

Министр сенатордыӊ Өзбекстан менен “ғәзийнелер штаты” аталған Монтана ҳәм улыўма АҚШ пенен түрли бағдарларда байланысты раўажландырыўға қаратылған ис-ҳәрекетин алғыслады.

Сөйлесиў барысында регионаллық ҳәм глобал күн тәртиби, сондай-ақ, аўыл хожалығы, экономика, энергетика, билимлендириў сыяқлы тараўларда бирге ислесиў ушын бар үлкен потенциалды әмелге асырыў жоллары додаланды.

ӨзА