Усы жылдың 25-27-март күнлери Ташкент қаласында Президент, дөретиўшилик, қәнигелестирилген мектеп ҳәм мектеп-интернатлар оқыўшыларынан ибарат театр жәмәәтлериниң қатнасыўында театр фестивалы болып өтти.

Фестивал «Театр-ибрат мектеби» сүрени астында Муқимий атындағы Өзбекстан мәмлекетлик музыкалы театрында болып өтти. Онда И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң «Актёрлық шеберлиги»  дөгереги ағзалары да қатнасты. Фестивал жуўмағында «Тәнҳә қайық» спектакли менен қатнасқан мектептиң талантлы оқыўшылары «Актуал теманың сахналық көриниси ушын» номинациясы бойынша жеңимпаз деп табылды ҳәм диплом менен сыйлықланды.





Мағлыўмат ушын соны айтып өтиў керек, бул дөгерекке Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры актёры Дәстан Баймурзаев басшылық етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги