Жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм оларды ғалаба спортқа тартыў мақсетинде, Шымбай районы прокуроры Р. Халмуратовтың басламасы менен 2-сектор аймағындағы мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы жәмлеспеген жаслар арасында спорттың футбол түринен «Прокурор кубоги» жарысы өткерилди.
Қызықлы беллесиўлерге бай өткен жарыс жуўмағында, «Қаракөл» МПЖ жаслары биринши, «Темир жол гүзары» МПЖ жаслары екинши ҳәм «Тазғара» аўыл пуқаралар жыйыны жаслары сыйлы үшинши орынды ийелеўге миясар болды.
Жеңимпазларды сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов қатнасып, командаларды ерискен табыслары менен қутлықлады ҳәм оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы кубок ҳәм естелик саўғаларды тапсырды.
Райондағы 2-сектор аймағында бул бағдардағы спорт жарыслары даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги