“Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз!” атамасындағы жаңаланыў ҳәм жасарыў әййямы есапланған Наўрыз байрамына бағышланған илажлар елимиз бойлап орынларда даўам етпекте.

Бүгин Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында да байрамға бағышланған салтанатлы илаж өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Өтемуратов, миллий орайлардың басшылары, институттың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнасты.

Байрам илажын институт ректоры ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Қ.Қодиров ашып берди.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан байрам менен қызғын қутлықлады.
















Атап өтилгениндей, бул байрам ҳәр биримизди нешше жүз жыллардан берли әўладтан-әўладқа мийрас болып киятырған миллий дәстүр ҳәм қәдириятларымызды қәстерлеў, уллы тарийхымызды аңлаў, дүнья тән алған данышпан ата-бабаларымыздың мүнәсип даўамшылары болыўдай жоқары сезимлерге бөлейди.

Байрам қарсаңында ана тәбиятымыз оянып, халқымыздың кеўиллерине шексиз қуўаныш, заўық ҳәм жаңа үмитлер бағышламақта. Өйткени, Наўрыз әзел-әзелден жаңа жылдың, жаңа күнниң басланыўы ретинде кеңнен белгиленип келинген.

Бәршеңизге белгили, бүгинги күнде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халқымыздың бахытлы ҳəм абадан турмысын тəмийинлеў бағдарында кең көлемли жумыслар əмелге асырылмақта. Президентимиз тәрепинен республикамыздың барлық тараўларын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде қабыл етилген 10 нан аслам қарар ҳәм пәрманлар бул пикиримизди айқын дәлиллейди.

Соның ишинде, илимпазларды қоллап-қуўатлаў, жоқары билимлендириў системасын түп-тийкарынан раўажландырыў ҳәм жетик кадрларды таярлап шығарыў бағдарындағы илажлар жаңа басқышларға көтерилип бармақта.

Өткен қысқа дәўир ишинде Қарақалпақстанда жоқары оқыў орынларының саны 12 ге жеткенлиги, ижарада жасап атырған студентлердиң айлық ижара төлеминиң белгили бөлеги мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап берилип атырғаны, магистратурада оқып атырған қызлар ушын шəртнама пуллары мәмлекетлик бюджет есабынан төлеп бериў тәртибиниң енгизилгени, сырт еллердеги жоқары оқыў орынлары менен өз-ара бирге ислесиўлердиң беккемленип атырғаны, алыс аймақларда жасаўшы жасларымыз ушын бир қатар жеңилликлердиң жаратылғаны мәмлекетимиздиң жасларға деген аталарша ғамқорлығының әмелий көриниси болып табылады.

Бүгингидей глобалласыў шараятында елимизде миллетлер арасында дослық, аўызбиршиликтиң ҳүким сүрип атырғаны, көп миллетли Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанымыздың аспаны ашық, суўымыздың мол болыўы, халқымыздың абадан турмыста жасаўы ушын бар имканиятлардың иске қосылып атырғанын айрықша атап өтиўимиз орынлы.

Мәмлекетимиз басшысының тиккелей итибары ҳәм ғамхорлығы нәтийжесинде институт ушын 2 мың орынлық жаңа оқыў имаратының қурылыс жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылыў алдында тур. Соның менен бирге, материаллық-техникалық базаны жақсылаў мақсетинде оқыў имаратлары реконструкцияланып, жаңадан лабораториялар, спорт комплекслери ҳәм студентлер турақ жайларының қурылып атырғаны республикамыздағы туңғыш билим дәргайының 90 жыллық торқалы тойына, соның менен бирге, усы оқыў орнына аты берилген уллы классик шайырымыз Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына мүнәсип саўға болатуғыныны сөзсиз.

Илаж даўамында қатнасыўшылар институт факультетлери тәрепинен таярланған миллий қол өнери дөретпелери, жас художниклердиң шығармалары ҳәм миллий тағамлардың көргизбелерин тамашалады.

Факультетлер арасында гир тас көтериў, арқан тартысыў, миллий гүрес бойынша жарыслар өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланып барылды. Сейилде мийманлар шүлен қазанда қайнатылған сүмелектен дәм татып, жасы үлкенлер пәтияға қол жайып, жақсы тилеклер билдирилди.

Наўрызға бағышланған салтанатлы илаж институттың талантлы студентлери ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң атқарыўындағы йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери