Усы жылдың 16-17-апрель күнлери Италияның Венеция ҳәм Флоренция қалаларында елимиздеги музейлердиң «Өзбекстан: Саҳрадағы авангард» атамасындағы көргизбеси ашылады.
Көргизбе еки бөлим-Венециядағы Ка Фоскари университетиниң көргизбе майданында «Форма ҳәм символ», Флоренцияның Питти сарайында «Нур ҳәм рең» атамасы менен өткериледи.
Көргизбелерде 172 ден аслам көркем өнер дөретпелери ҳәм сүўретлер тамашагөйлер нәзерине усынылады. Соның ишинде, халықаралық жәмийетшилик «Шығыс авангарды» (Avant-garde Orientalis) деп аталған Александр Волков, Николай Карахан, Надежда Кашина, Елена Коровай, Михаил Курзин, Виктор Уфимцев, Орал Таңсықбаев, Уста Мўмин (Александр Николаев) дөретпелерин көриўине болады.
Көргизбеде Нөкис қаласында жайласқан Игорь Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик көркем өнер музейинде сақланып атырған 170 тен аслам бийбаҳа сүўретлеў өнериниң шығармалары ҳәм картиналар да қатнасады.
Көргизбе Флоренцияда 16-апрелден 30- июньға шекем, Венецияда 17-апрельден 29-сентябрге шекем даўам етеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги