Парламентлераралық аўқам (ПА) ныӊ 150-юбилей Ассамблеясы Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиӊ басламасы менен келеси жылы Өзбекстанда өткерилетуғыны ҳаққында хабар берген едик.

Күни кеше Женевада буны әмелий тастыйықлайтуғын ҳүжжетке қол қойылды. ПА Бас хаткери Мартин Чунгонг юбилей илажына тоқтап, болажақ Ассамблеяныӊ тийкарғы темасы Өзбекстан тәрепиниӊ әҳмийетли бағдарлары ҳәм усынысларынан келип шығып белгиленетуғынын атап өтти.

Бул пикирлер Өзбекстан Сенаты баслығы Танзила Норбоева менен ушырасыўда мәлим етилди.

Тәреплер Ассамблеяға таярлық көриў ҳәм оныӊ шеӊбериндеги илажларды өткериўдиӊ шөлкемлестириў мәселелерин көрип шықты. Өзбекстанныӊ ПА менен шериклигин және де кеӊейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Бул абырайлы халықаралық шөлкем менен биргеликте Турақлы раўажланыў  мақсетлери (ТРМ) не ерисиў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм гендер теӊлигин тәмийинлеў, жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша әҳмийетли бағдарларда әмелий ҳәм конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириў сыяқлы мәселелер додаланды.

– Ташкент саммити тек ғана ПА ға емес, ал пүткил жер жүзилик парламент ҳәрекети ушын тарийхый әҳмийетке ийе болады, – деди М.Чунгонг. – Илаж шеӊберинде қабыл етилген қарарлар шөлкемимиздиӊ орта ҳәм узақ мүддетли перспективадағы раўажланыў бағдарларын белгилейди.

Сөйлесиў барысында усы жылдыӊ май айында Самарқандта өткерилетуғын Азия ҳаял-қызлар форумы бағдарламасынан арнаўлы парламент сегменти орын алғаны атап өтилип, оны табыслы өткерилиўинде ПАныӊ жәрдемине үмит билдирилди.

Н.Абдураимова, ӨзА