Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-март күни АҚШтыӊ сенатор Стивен Дэйнс ҳәм Ўәкиллер палатасы комитети баслығы, конгрессмен Майкл Рожерс басшылығындағы делегацияларын қабыл етти.

Өзбекстан – АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Кейинги жыллары еки тәреплеме бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгени, жедел сөйлесиўлер ҳәм өз-ара сапарлар даўам етип атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өткен жылдыӊ сентябрь айында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ жетекшилериниӊ “С5+1” форматындағы биринши саммити менен нәтийжели исбилерменлик ушырасыўлары табыслы өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы парламентлераралық байланысларды, соныӊ менен бирге, АҚШ Конгрессинде жумыс алып барып атырған Өзбекстан менен бирге ислесиў бойынша кокус жумысын жоқары баҳалады.


Өз-ара товар алмасыў көлеми артып бармақта, 2023-жылдыӊ жуўмағында ол 30 процентке артты. Өзбекстан базарында нәтийжели жумыс алып барып атырған АҚШ компанияларыныӊ саны артпақта. Мысалы ретинде мәмлекетимизде баҳасы 10 миллиард доллардан аслам болған инвестиция жойбарларын әмелге асырып атырған “Air Products” компаниясыныӊ жумысы атап өтилди.

Америкалы нызам шығарыўшылар ўәкиллик етип атырған Монтана, Алабама, Вашингтон, Калифорния ҳәм Техас штатлары менен тығыз әмелий бирге ислесиўди даўам еттириўге айрықша итибар қаратылды.


Билимлендириў, аўыл хожалығы, санлы технологиялар, таў-кән санааты, “жасыл” энергетика, фармацевтика, азық-аўқат тармағы ҳәм басқа тараўлар кооперация ушын перспективалы бағдарлар сыпатында атап өтилди.


АҚШ аймақлары бизнесиниӊ Өзбекстанға сапарларын шөлкемлестириўге келисип алынды.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер, соныӊ менен бирге, Аўғанстандағы жағдай бойынша да пикир алысылды.

ӨзА