Ɵзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен исбилерменликке қызығыўшы жаслар ушын «Бизнести режелестириў» атамасында семинар шөлкемлестирилди.

Семинарда басқарма баслығыныӊ орынбасары М.Косназаров, «RIVOJ YULDUZ» реклама компаниясыныӊ директоры З.Каримбаев, «KUSHMAG» компаниясыныӊ тийкарын салыўшы М.Кѳмеков, басқарманыӊ бизнеске оқытыў бөлиминиң баслығы М.Икиметов ҳәм бизнеске қызығыўшы 200 ден аслам жаслар қатнасты.

Саўда-санаат палатасыныӊ белсенди ағзалары, бизнес тараўында 15 жылдан аслам тәжирийбеге ийе исбилерменлер З.Каримбаев ҳәм М.Кѳмековлар бүгинги күнде ѳзлериниӊ жеке брендине ийе, жетекши компания ийелери болып есапланады. Олар жасларға бизнести баслаўдың дәслепки басқышлары ҳәм онда нелерге итибар қаратыў кереклиги, бизнесте ушырасыўы мүмкин болған қыйыншылықлар ҳәм оларды жеӊип ѳтиў жоллары бойынша ѳз тәжирийбелери менен ортақласты.




Семинарды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – тәжирийбели исбилерменлер ҳәм бизнеске қызығыўшы жаслар арасында байланысларды беккемлеў, оларға дурыс бағдар бериў, қоллап-қуўатлаў, мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменлик тараўында жасларға жаратылған мүмкиншиликлерди кең түрде үгит-нәсиятлаў болып есапланады.

Басқарма тәрепинен «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»ндағы усындай үлгили илажлар даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги