Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳәм балалардың руўхый ҳәм интеллектуаллық потенциалын көтериў, саламатлығын беккемлеў, шаңарақ, аналық ҳәм балалықты қорғаўдың ҳуқықый кепилликлери жаратылған болып, ол заман талабы тийкарында раўажландырылмақта.

Сондай-ақ, саламат шаңарақты қәлиплестириў арқалы жәмийетте жоқары руўхый-әдеп-икрамлылық орталығын жаратыў, шаңарақтың беккемлигин тәмийинлеў ҳәм оның мәплерин қорғаў, саламат бала туўылыўы және оны тәрбиялаў мәселелери мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген.

Кейинги жылларда бул тараўды исенимли қорғаў системасы раўажландырылмақта. Бул арқалы әмелдеги әмелиятты қайта көрип шығыў, турмыста, баспасөзде реал ҳақыйқатлықты сәулелендириў, тараўдағы мәселелерге шешим табыў, талапқа жуўап бермейтуғын ҳуқықый нормаларға өзгерислер киргизиў, жуўапкершилик сезимлерин буннан былай да күшейтиў нәзерде тутылған.
Тараўда әмелге асырылып атырған реформаларға қарамастан, усы мәселе бойынша унамсыз жағдайлар, атап айтқанда, ҳаял-қызлар ҳәм жас өспиримлердиң өз ҳуқықлары менен еркинликлеринен пайдаланыўда тосықлар, оларға исленип атырған зорлық ҳәм басым өткериў жағдайлары ушыраспақта.

Сол себепли мәмлекетимиз басшысы ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў мәселесине айрықша итибар берип, зорлық ҳәм зомбылыққа ушыраған ҳаял-қызларды қорғаў системасын жетилистириў зәрүрлигин атап өтти. Бул баслама барлық мәмлекетлик уйымлар менен мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 12-апрелдеги “Ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин исенимли қорғаў системасының және де раўажланыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызам менен ҳаял-қызларды социаллық-экономикалық тараўларда өз ҳуқықлары менен мәплерин әмелге асырыўында қоллап-қуўатлаў мәселелерин тәртипке салыўшы нызамшылықты халық аралық стандартлар тийкарында жетилистириўди нәзерде тутатуғын, соның менен бирге, балалар мәселелери бойынша комиссиялар жумысының ҳуқықый тийкарларын беккемлеп қойыўшы өзгерислер киргизилди.

Оған бола, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаў, оларға орынсыз ҳәрекетлерди ислегени ушын жуўапкершилик және де күшейтилди, соның менен бирге, турмыслық зорлық-зомбылық, тәртипсизлик еткенлик ушын жуўапкерлик белгиленди. Шаңарақтағы руўхый әдеп-икрамлылық орталықты жақсылаўға, балалар ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен байланыслы халық аралық индекслерде мәмлекетимиздиң орнын жақсылаўға хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 15-марттағы “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы Нызамы 476-статья менен толықтырылды. Оған бола, Өзбекстан Республикасы пуқаралығына ийе болған баланы әке, ана ямаса олардың орнын басыўшы шахс, сондай-ақ, жолдаслық етиўши шахс тәрепинен шет мәмлекет аймағында қадағалаўсыз қалдырыў ушын да жуўапкершилик белгиленди.

Келтирилген жағдайлардан нызам бүгинги күн ушын әҳмийетли екенлиги көринип турыпты. Ол халқымыздың ҳуқықый саўатлығын ҳәм мәдениятын арттырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жас өспиримлердиң ҳуқықларын исенимли қорғаў, оларға қолланылыўы мүмкин болған басым өткериў ҳәм зорлықлардың алдын алыў, балалар ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен байланыслы халық аралық рейтинглерде мәмлекетимиздиң орнын жақсылаўға хызмет етеди.


Гүльмира Арзиева.

Нѳкис районлар аралық экономикалық судының судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги