Жаслар тәрбиясында жасы үлкен нураныйлардың тәрбиясы үлкен әҳмийетке ийе. Олардың турмыслық  тәжирийбелери жаслар ушын өрнек болып, келешекте жәмийеттен өз орынларын табыўы ушын турмыс мектеби болып хызмет етери анық.

Нөкис районы 15-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде “Үш әўлад” ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўға  “Нураный” қоры Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Т.Абдижаббаров,  район ҳәкими орынбасары Қ.Моятдинов  ҳәм “Нураный” қоры  районлық бөлиминиң  баслығы Ж.Қайповлар қатнасты. Ушырасыўға аймақ турғынлары менен биргеликте нураныйлар ҳәм жаслар мирәт етилди. Илаж даўамында  елимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли өзгерислер, ерисилген табыслар, тарўлардағы раўажланыўлар  бойынша өз-ара пикир алысылып, жасларға жаратылған имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берип өтилди.







Илаж соңында көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен атқарылған йошлы қосық, намалар олардың қәлбине бир дүнья  заўық бағышлады. Нураныйларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги