Пәнлер олимпиадасының жеңимпазлары сыйлықланды

Нөкисте улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында өткерилген пәнлер олимпиадасының IV жуўмақлаўшы басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Отемуратов, ϴзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң бөлим баслығы А.Хасановлар жеңимпазларды қутлықлады.


Олимпиада өзбек тили, математика, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, рус тили ҳәм әдебияты, қазақ тили пәнлеринен өткерилип, онда Ташкент қаласы, ўәлаятлар ҳәм республикамыздан 155 оқыўшы өзлериниң билимин сынақтан өткерди. Қатнасыўшылар ушын барлық шараятлар жаратып берилди. Бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын Нөкис қаласындағы Президент мектебине, жаслар технопаркине саяхатлар шөлкемлестирилди.
Еки күн даўам еткен олимпиаданың жуўмағында барлық пәнлер бойынша жеңимпазлар анықланды. Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бойынша биринши орынды Мойнақ районындағы 15-санлы улыў билим бериў мектебиниң оқыўшысы Манзура Қаржаўбаева, екинши орынды Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы академиялық лицейдиң оқыўшысы Алтынай Хожаниязова, үшинши орынды Нөкис қаласындағы 28-санлы улыўма билим бериў мектебинен Айнура Маденбаева ийеледи. Буннан тысқары, Нөкис қаласындағы 37-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Нуржайна Орынгалиева өзбек тили бойынша, Қоңырат районындағы 21-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Маржан Сактаганова қазақ тили бойынша биринши, Беруний районындағы 37-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Даря Мордовина рус тили ҳәм әдебияты бойынша үшинши орынларды қолға киргизди.
Олимпиаданың нәтийжелери бойынша жеңимпазлықты қолға киргизген оқыўшылар ϴзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 9-сентябрьдеги “Қәбилетли оқыўшылардың арасында пән олимпиадаларын өткериў системасын жетилистириў ҳәм шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы мектепти анықлаў системасын енгизиў ҳаққында”ғы қарарына муўапық жеңимпаз болған пәнинен жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында максимал балл берилетуғын жеңилликке ийе болады. Сондай-ақ, жеңимпаз оқыўшылар ҳәм олардың устазлары ақшалай сыйлықланады.
–Ташкент қаласы, ўәлаятлардан қатнасқан 21 оқыўшы арасынан биринши орынды алғанымнан қуўанышламан,-дейди қазақ тили бойынша биринши орын ийеси, Қоңырат районындағы 21-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Маржан Сактаганова.–Буның ушын ата-анама ҳәм устазларыма шексиз миннетдаршылық билдиремен. Олимпиада жоқары дәрежеде өткерилди. Келешекте устаз болыўды мақсет еткенмен.
Барлық пәнлер бойынша жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм ақшалай сыйлық тапсырылды.
Сыйлықлаў мәресими көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги