Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Өзбекстан – 2030» стратегиясын «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы Президент пәрманы ҳәм оннан келип шығып әмелге асырылатуғын жумысларды додалаўға арналған конференция шөлкемлестирилди.

Онда институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Қодиров шығып сөйлеп, мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде 2024-жылға мөлшерленген әмелий илажлар режеси ҳәм бағдарлар кесиминде ислеп шығылатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң дизими тастыйықланғанлығын атап өтти.

«Ҳәр бир инсанға өз потенциалын жүзеге шығарыўы ушын мүнәсип шараятларды жаратыў», «Турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеў», «Суў ресурсларын үнемлеў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў», «Нызам үстинлигин тәмийинлеў, халық хызметиндеги мәмлекетлик басқарыўды шөлкемлестириў», «Қәўипсизлик ҳәм тынышлықты сүйиўши мәмлекет» сыяқлы улыўма 5 бағдар ҳәм 100 мақсетти өзинде жәмлеген әмелий илажлар режесинде 2024-жыл даўамында әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп берилген.

Конференцияда институттың улыўма педагогика ҳәм психология кафедрасының профессоры А.Пазылов мәмлекетлик бағдарламада мектеп билимлендириўин реформалаў ҳәм педагогикалық жоқары оқыў орынлары менен интеграцияны тәмийинлеў, Шет тиллери факультетиниң деканы, доцент И.Дильманов мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде жоқары билимлендириў системасы оқыў процесин дүнья стандартлары тийкарында шөлкемлестириў ҳәм кадрлар таярлаўдың сапасын арттырыў, Анық ҳәм тәбийғый пәнлерди аралықтан оқытыў кафедрасының баслығы, доцент П.Калханов мәмлекетлик бағдарламада жаслар арасында IT тараўын буннан былай да жетилистириў, олардың интеллектуаллық дәрежесин арттырыў, тараўға илимий-инновациялық жойбарларды кеңнен енгизиў, Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының баслығы, доцент Е.Тилеўов жәмийетте социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў мәселелери бойынша баянатлар жасады.




Илажда институттың басшы хызметкерлери, профессор-оқытыўшылар ҳәм тийисли жуўапкерлердиң қатнасыўында мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде жоқары билимлендириў системасында, соның ишинде, институтта әмелге асырылатуғын жумыслар додаланып, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Конференцияда баянатлар бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги