Жаңаланыў, жасарыў әййямы – Наўрыз байрамына бағышланып өткерилип атырған илажлар Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де салтанатлы түрде болып өтти.

Илаж бир күн алдын “Әлем нурға толсын сениң менен, Наўрыз” сүрени менен Наўрыз байрамына бағышланып өткерилген сүмелек сейили менен басланған еди.

Онда қатнасыўшылар шүлен қазан әтирапына жәмленип, улыстың уллы күни Наўрыз байрамында халқымызға тынышлық, татыўлық, аўызбиршилик тилеп, жақсы нийетлер менен сүмелек тағамын былғады.

Сүмелек сейилинде университет ректоры А.Реймовтың басшылығында ректорат жәмәәти ҳәм факультетлердиң деканлары да қатнасып, байрам қатнасыўшыларының қуўанышына шерик болды ҳәм өзлериниң жақсы тилеклерин билдирди.














Сүмелек сейилинде қатнасыўшылар ҳәр қыйлы миллий ҳәм йошлы намаларға ойынға түсип, кеўил көтерди.

Бүгин ерте таңнан сүмелек қайнатылған қазан университет ректорының басшылығында жасы үлкен нураный устазлар, профессор-оқытыўшылардың қатнасыўында жақсы нийетлер менен  ашылды. Жасы үлкенлер пәтияға қол жайып, жақсы тилеклер билдирилди.

Наўрыз байрамына арналған халық сейилинде қатнасыўшылар миллий нама ырғақлары қушағында ҳәр бир факультет жәмәәти тәрепинен бирин-бири тәкирарламайтуғындай етип таярланған миллий тағамлар менен буйымларды, ҳәр қыйлы қол өнери үлгилери орын алған көргизбелерди тамашалады.

Байрамға бағышланған салтанатлы илаж университеттиң байрамға сай безелген бас имараты алдындағы майданда өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Отемуратов, миллий орайлардан бир қатар ўәкиллер ҳәм университеттиң профессор-оқытыўшылары, студент-жаслары қатнасты.

Байрам илажын университет ректоры А.Реймов ашып берди.

Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Т.Романов жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады.

Шынында да, Наўрыз байрамы халықларды тынышлыққа, татыўлыққа, оны қәдирлеп, бир-биреўге мийирманлық етип, қәстерлеп жасаўға шақырады. Елимизде жасап атырған барлық ўатанласларымыз беккем аўызбиршиликте, дослық, татыўлықта Ўатанымыздың гүллеп жаснаўы жолында хызмет етип, биргеликте жасап келмекте.

Илаж даўамында байрам мүнәсибети менен миллий қол өнери дөретпелериниң ҳәм миллий тағамлардың көргизбеси, салт-дәстүрлериниң сахналық атқарылыўы, художниклердиң көргизбеси, миллий ойын, спорт жарыслары өткерилди.

Байрам илажы даўамында «Миллий тағамлар көрки менен безелген факультет», «Ең жақсы миллий кийимлер менен қатнасқан факультет», «Ең жақсы көргизбели плакатлар менен безелген факультет», «Ең жақсы сүўретлеў өнери шығармасы», «Шырайлы гүллер менен безелген ең жақсы себет» ҳәм басқа да жәми он еки номинация бойынша да жарыслар өткерилип, жеңимпазлар анықланды.

Байрам илажы Наўрыз байрамына арналған халық сейиллери ҳәм концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги