Өткен жылы сентябрьде қабыл етилген ҳүкимет қарары менен, 6 ай даўамында автомобильлерге газ толтырыў шақапшаларында метан газ баҳасы 3250 сумнан артып кетпеўин тәмийинлеў ўазыйпасы қойылған еди. 1-апрельден бул мүддет жуўмағына жетеди ҳәм усақлап сатыў баҳасы артыўы мүмкин.

Социаллық тармақларда тарқалған хабарларға қарағанда, Ташкенттеги айырым газ толтырыў шақапшаларында 1-апрельден метан газ баҳасының артыўы ҳаққында дағазалар пайда болған. Дағазада 1 метр куб газдиң баҳасы 3800 сум болатуғыны мәлим етилген.

Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 15-сентябрьдеги 475-санлы қарарында тәбийғый газди сатыўда оның ең жоқары усақлап сатыў баҳасы келеси 6 айда бир куб метр ушын 3250 сумнан артып кетпеўи бойынша айрықша илажлар көрилетуғыны белгиленген еди. 1-апрельден баслап бул мүддет жуўмақланады.

Энергетика министрлиги баспасөз хаткериниң мәлим етиўинше, министрлик ҳәм оның қарамағындағы шөлкемлер исбилерменлердиң баҳаны арттырыў ямаса арттырмаў ҳаққындағы қарарына араласа алмайды.

Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң баспасөз хызметине бола, автомобильлерге газ толтырыў шақапшаларындағы баҳалар мәмлекет тәрепинен тәртипке салынбайды ҳәм баҳаны исбилерменлер еркин белгилейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги